Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Элмира Боситхонова Фейсбук социаллық тармағында 1-август күни Қарақалпақстан Республикасының пайтахты Нөкис қаласында жүз берген ўақыя ҳаққында жәрияланған хабардағы мағлыўматлар ҳақыйқатлыққа қаншелли сәйкес келетуғыны ҳәм усы ҳаяллардың ҳуқықларын қорғаў, машқалаларына аймақтағы басшылар менен биргеликте шешим табыў мақсетинде 7-август күни Қарақалпақстан Республикасына келип, жағдайды үйренди, – деп хабар береди Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар хызмети.

Ўақыяны үйрениў процесинде арза бериўши Тилеўбийке Ульдашева социаллық-турмыслық машқалалары қанша ўақыттан берли шешилмей атырғанын айтып, жәрдем сорады. Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети баслығының қатнасыўында аймақтың басшылары менен өткерилген сәўбетте оның турақ жай мәселесиндеги арзасы бойынша Нөкис қаласының ҳәкими П.Турешевқа арза ийесине жайластырылған үйинде жасаўы ушын ордер бериў ўазыйпасы тапсырылды. Т.Ульдашеваны жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм перзентин музыка мектебине орналастырыў мәселелери болса Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиевке оны медицина бирлеспесине санитарка сыпатында жумысқа қабыллаў, Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық кеңесиниң баслығы ў.ў.а П.Қазақбаевқа оның перзентин музыка мектебине орналастырыў тапсырмасы берилди. Арза бериўшиниң исбилерменлик жумысын жолға қоймақшы екени ҳәм усы мақсетте өзин бос имарат пенен тәмийинлеў бойынша жәрдем көрсетиўлери ҳаққындағы өтинишине шешим табыў ўазыйпасы Нөкис қалалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Г.Абибуллаеваға тапсырылды.

Пуқаралар Перизат Бегжанова ҳәм Гүлпаршын Қошанова өз машқалаларын Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы  аймаққа келгенге шекем жуўапкерлер тәрепинен шешилгенин билдирип, тийисли жуўапкерлерге миннетдаршылық билдирди.

Сол күни Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Элмира Боситхонова жигирмаға шамалас ҳаял-қызлардың дәртлери, арза ҳәм шағымларын тыңлап, олардың ҳуқықларын тәмийинлеў, жәрдем бериў бойынша биргеликте әмелий жумысларды алып барды.

Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети усы тапсырмалардың орынланыўын бақлап барады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги