3-августтан баслап юридикалық шахслардың жолаўшы ямаса жүк тасыў жумысын әмелге асырыўшы транспор қуралларының айдаўшылары қәнигелигин арттырыўдан өткенлиги ҳаққындағы сертификатқа ийе болмаса, онда олар ең кем мийнет ҳақының бир есеси муғдарында жәриймаға тартылады.

Президентимиз тәрепинен быйыл 2-майда қол қойылған «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға муўапық, Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске әҳмийетли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Атап айтқанда, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 135-статьясы (Жол ҳәрекети қағыйдаларында нәзерде тутылған ҳүжжетлери болмаған шахслардың транспорт қуралларын басқарыўы) биринши бөлиминиң депозициясы жаңа редакцияда төмендегише билдирилди:

Транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықын беретуғын ҳүжжетлер, транспорт қуралын дизимнен өткергенлиги ҳаққындағы, сондай-ақ, транспорт қуралына ийелик етиў, ийеси жоқ ўақтында оннан пайдаланыў ямаса оған ийелик етиў ҳуқықын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер, транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полиси (усы кодекстиң 135-1-статьясының екинши бөлиминде нәзерде тутылған жағдай буған кирмейди), нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда болса, лицензия карточкасы ямаса жол қағазы, юридикалық шахслардың транспорт қураллары айдаўшыларының, соның ишинде, жолаўшы ямаса жүк тасыў жумысын әмелге асырыўшы айдаўшылардың қәнигелигин арттырыўдан өткенлиги ҳаққындағы сертификаты (транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықын беретуғын гүўалықты алмастырыў ямаса жоғалған гүўалық орнына басқасын бериў жағдайларын усыған киргизген ҳалда, гүўалық алынған ўақыттан баслап еки жыллық дәўир буған кирмейди) жанында болмаған айдаўшылардың транспорт қуралларын басқарыўы, тап усындай, исеним хатларды, транспорт қуралларын басқа шахсқа өткериў ҳәм ижараға бериў шәртнамаларын дизимнен өткерместен (есапқа алмастан) транспорт қуралларын басқарыў».

Жаңа өзгерислерге бола, егер юридикалық шахслардың жолаўшы ямаса жүк тасыў жумысын әмелге асыраыўшы транспорт қуралларының айдаўшылары қәнигелигин арттырыўдан өткенлиги ҳаққындағы сертификатқа ийе болмаса, олар ең кем мийнет ҳақының бир есеси муғдарында (223 000 сум) жәрийма төлейди.

Усы статьяның жаңа редакциядағы қағыйдалары нызам қабыл етилгеннен үш ай өтип әмелге киргизилиўи белгиленген.

Демек, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 135-статьясы биринши бөлиминиң диспозициясына киргизилген өзгерислер усы жылдың 3-августынан баслап күшке киреди.

Жуўмақ орнында соны айтыў зәрүр, мәмлекетимизде жол ҳәрекети қағыйдаларына байланыслы қабыл етилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң негизинде, дәслеп, жол ҳәрекети қәўипсизлигин, пуқаралардың турмысы ҳәм саламатлығын тәмийинлеў жәмлескен. Жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў илажларын күшейтиў, сондай-ақ, юридикалық шахсларға тийисли автотранспорт қуралларын басқарып атырған айдаўшылардың қәнигелигин арттырыў тәртибин жетилистириўге итибар қаратылып атырғаны да усы мақсетке хызмет етеди.

Шавкат Гайбердиев,

Мирзоҳид МИРЗАЛИЕВ,

Жоқары судтың үлкен консультантлары

Дәрек: «Куч-адолатда» газетасы

ӨзА