Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қурбон ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы 2019-жыл 2-августтағы ПҚ-4413-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қурбан ҳайытының орынларда жоқары дәрежеде, халқымыздың миллий ҳәм диний дәстүрлерине сәйкес түрде өткерилиўи мүнәсибети бенен усы жылдың 11-август күни өткерилетуғын тест сынақлары төмендеги мүддетлерге көширилгенлиги мәлим етиледи (абитуриент рухсатнамасында көрсетилген имарат ҳәм саат өзгермеген ҳалда):

Қашқадәрья ўәлаятында – 12-август күни;

Ферғана, Жиззақ ҳәм Наўайы ўәлаятларында – 13-август күни;

Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Хорезм ҳәм Самарқанд ўәлаятларында – 14-август күни;

Бухара ўәлаятында – 15-август күни өткериледи.

Мәмлекетлик тест орайы баспасөз хызмети.