Соңғы жылларда өзиниң әжайып дөретпелери менен көркем әдебият ықласбентлериниң алғысларына миясар болған белгили қәлем ийеси, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Шарап Уснатдинов Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳаққындағы роман-эссесин жазып питкерди. Автордың «Шайырдың жаслығы» китабынан кейинги бул шығармасында уллы шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилик жолы ҳүжжетли дәреклер тийкарында көркем шеберлик пенен сүўретленген.

Он бөлимнен ибарат болған бул китап «Билим» баспасында таярланып, «NICO POLIGRAF» ЖШЖ де 36 баспа табақ көлеминде 1300 нусқада жоқары полиграфиялық сапада, офсет усылында жарық көрген.

Қарақалпақ поэзиясының «патриархы»ның қурамалы ҳәм мазмунлы өмир жолы көпшиликти қызықтыратуғынлығы тәбийғый. Уллы сөз зергери Ибрайым Юсуповтың арамыздан кеткенине он жылдан аслам ўақыт болса да, ол бизиң арамызда еле жасап атыр ҳәм мәңгиге жасайды. Жазыўшы Шарап Уснатдиновтың шайыр ҳаққында жазған бул роман-эссеси усы шынлықты және бир мәрте тастыйықлайды.

Бул китап жақын ўақытлар ишинде өзбек тилине де аўдарылыўы нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги