Мектеплерге қосымша квота бойынша қабыллаў тийисли микроаймақ бойынша тийкарғы квотаға түспеген балалар ушын әмелге асырылатуғыны белгиленди.   Министрлер Кабинетиниң қарары менен қосымша квота тийкарында мектепке қабыллаў ушын төлем бийкар етилди, деп хабар бермекте gazeta.uz сайты.

7-август күни балаларды улыўма орта билим бериў мәкемелерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық, мектеплерге қосымша квота бойынша қабыллаў мектеплердиң имканиятынан келип шығып, тийисли микроаймақ бойынша тийкарғы квотаға түспеген балалар ушын әмелге асырылатуғынлығы белгиленди.

Ендигиден былай, балаларды мектеплерге қосымша квота тийкарында қабыллаў мектеп директорлары тәрепинен әмелге асырылады.

Алдын бул процесс мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы әмелге асырылатуғын еди.Балаларды мектеплерге қосымша квота бойынша қабыл етиў 10-августтан 31-августқа шекем әмелге асырылатуғынлығы белгиленген, сондай-ақ, қосымша квота тийкарында қабыллаў ушын белгиленген төлем бийкар етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги