2019-жыл 6-август күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП ҳәм «Адолат» СДП фракцияларының басламасы менен гезектеги «Ҳүкимет сааты» өткерилди. Онда депутатлардың «Елимизде мийўе-овощ жетистириў бойынша кластер системасына өтиўдиң нәтийжелилиги ҳәм бул бағдарда перспективадағы ўазыйпалар бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында»ғы мәселе бойынша сораўларына жуўап бериў ушын Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги басшылығы мирәт етилди.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимиздиң аўыл хожалығы тараўында пүткил дүнья тәжирийбесинде өзин ақлаған жаңа система – кластер системасына өтиў, олардың жумысын раўажландырыўға үлкен итибар қаратылып келинбекте. Ҳәзирги күнде бул бағдарда әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде республика бойынша мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен жәми 47 кластер шөлкемлестирилип, оларға 13,5 мың гектар жер майданы ажыратып берилген. Кластерлердиң ықтыярында 15,9 мың тонна сыйымлылықтағы музлатқыш қоймаханалар, 7810 тонна сайлап алыў, 800 тонна калибрлеў, 4 заманагөй лаборатория, 119,8 тонна мийўе-овощ өнимлерин қайта ислеў, 23201 тонна мийўе-овощты сайлап алыў-қадақлаў цехлары болып, 1046 турақлы, 1085 мәўсимлик жумыс орны шөлкемлестирилген. Кластерлер тәрепинен быйылғы жылы 127 миллион 262 мың АҚШ доллары муғдарындағы өнимлерди экспорт етиў белгиленген болып, соннан 1-августқа шекем 7 миллион 293 мың АҚШ доллары муғдарындағы экспорт жумыслары әмелге асырылған.
Мәлимлемеде атап өтилгениндей, Аўыл хожалығы министрлиги «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте агрологистика комплекслери ҳәм орайларында халықаралық саўда операторлары тәрепинен халықаралық стандартлар талапларына жуўап беретуғын аўыл хожалығы және азық-аўқат өнимлерин сатыўда комплексли хызмет көрсетиў мақсетинде «Global GAP», «Organic», «Halal», «HACCP», «ISO 22000» халықаралық стандартлар талапларын кооперация қатнасыўшылары, дийқан ҳәм фермер хожалықлары және агрокластерлерде енгизиў бойынша белгили бир жумысларды алып барды. Буннан тысқары, кластерлер тәрепинен заманагөй агротехнологияларды енгизиўге де айрықша итибар қаратылып, Әндижан, Наманган, Наўайы, Самарқанд, Сурхандәрья ўәлаятларындағы бир қатар фермер хожалықларында тамшылатып суўғарыў арқалы мийўе-овощ өнимлерин жетистириў жолға қойылыўы нәтийжесинде өсимликтиң өсиўи ушын жетерли муғдардағы суў бир нормада жеткерилиўине, мийнет етиў үш мәртеге, минерал төгинлер 40 процентке шекем үнемлениўине, өнимдарлық 70 центнерге шекем артыўына ерисилмекте.
«Ҳүкимет сааты»нда бул бағдарда ерисилген нәтийжелер менен бир қатарда, тараўда жол қойылып атырған кемшиликлер, бар машқалалар ҳәм шешилиўи зәрүр болған мәселелерге де айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, депутатлар қәнигелескен кластерлерде мийўе-овощларды халықаралық стандартлар талапларында жетистириў, оларға кепилликли талапкер буйыртпашылардың дизмин қәлиплестириў, атыздан тиккелей тутыныўшыға жеткерип бериў, қайта ислеў, қадақлаў ҳәм экспорт мәселелери және транспорт-логистика системасын жолға қойыўға байланыслы машқалалы жағдайлар бойынша бир қатар сораўлар менен мүрәжат етти.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде республикамызда 241 мың аўыл хожалығы техникасы, соннан 52 мың трактор бар. Тракторлар менен тәмийинлениў дәрежеси овощ ҳәм палыз жетистириўде – 54 процент, бағшылық ҳәм жүзимшиликте – 48 процент, шарўашылықта – 55 процентти қурайды. Соннан бағшылыққа қәнигелескен тракторлардың 57 проценти, транспорт тракторларының 41 проценти, сүрим тракторларының 31 проценти өз хызмет мүддетин өтеп болған.
Аўыл хожалығы министрлигиниң жуўапкер адамы усы машқала бойынша парламент ўәкиллериниң сораўына жуўап берип, бул мәселени унамлы шешиў мақсетинде Президентимиз тәрепинен жақында қол қойылған «Аўыл хожалығы машина қурылысын жедел раўажландырыў, аграр секторды аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарға тийкарланып мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен кластерлерде 2019-2025-жылларда 100 мыңнан аслам аўыл хожалығы техникасы, соның ишинде, 18 мың 744 мийўе-овощ жетистириўге бейимлестирилген техникалар ислеп шығарылып, орынларға жеткерип берилетуғыны белгиленгенин атап өтти. Сондай-ақ, республикада ислеп шығарылған заманагөй техника сатып алыўда баҳасының 15 процентин субсидиялаў және банк кредити ямаса лизингке сатып алынған техникалар бойынша процент ставкаларының 50 процентин мәмлекет тәрепинен қаплап бериў механизми енгизилгенин мәлим етти. Әлбетте, бул механизмлер аўыл хожалығы өндирисин механизациялаў дәрежесин арттырыў, агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы өткериў, өнимдарлықты кеминде 15-20 процентке арттырыў имканиятын беретуғынын атап өтти.
Өз гезегинде, депутатлар министрликтиң мийўе-овощ жетистириў бойынша кластер системасына өтиўдиң нәтийжелилигин және де арттырыў бағдарындағы перспективадағы режелери, көрилип атырған илажларына қызықсынды. Сондай-ақ, кластерлер тәрепинен жетистирилип атырған мийўе-овощларды сырт елге экспорт етиўде жүзеге келип атырған машқалалар және оларды сапластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша сораўлар берди.
Қызғын пикир-таласлар ҳәм сораў-жуўаплардан соң депутатлар тәрепинен министрликтиң жумысын заман талапларынан келип шыққан ҳалда және де жетилистириўге, елимиздиң аўыл хожалығы тараўындағы тартымлылығын арттырыўға қаратылған бир қатар пикир ҳәм әмелий усыныслар билдирилди.
Илаж соңында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы комитетлерине тараўға байланыслы әмелдеги нызам ҳүжжетлерин ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў усыныс етилди. Соның менен бирге, усы бағдардағы жумыслар бойынша нәтийжели парламентлик қадағалаўды тәмийинлеўге келисип алынды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық
палатасының Баспасөз хызмети