Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлериниң идеясы тийкарында Мойнақ районындағы 8-санлы кәсиплестирилген өрттен қутқарыў бөлими хызметкерлериниң мийнети менен «Өрт өшириў қайығы» жаратылды. Бул ҳаққында басқарма баслығы, майор Азамат Давлетов хабар берди.

Оның атап өтиўинше, Қарақалпақстан Республикасындағы қамыслықлардың 50 проценти Мойнақ районындағы көллерде өседи. Қамыслықларда жүзеге келген өртлерди сапластырыўда тәбийғый шараят өртти өз ўақтында өшириўге кесент етеди. Әтирапы батпақлық ҳәм көл суўлары менен қоршалған қамыслықларға жетип барыўдың имканияты жоқ еди. Себеби, өрт өшириўге қәнигелескен автомобильлердиң салмағы 9-11 тоннаны қурайды.

Қайық белгиленген орынларға жетип барыўы ушын «ГАЗ-66» маркалы тегис емес ҳәм қолайсыз шараяттағы жолларда биймәлел ҳәрекетлене алатуғын 4х4 категориялы автомобильге орнатылған. Бул автомобильде қосымша 1700 литрлик суў сыйымлылығына ийе цистерна, 1 дана мотопомпа ҳәм басқа да өрт өшириўге зәрүрли болған әсбаплар, атап айтқанда, 5 дана өрт өшириў хлопушкалары, өрт өшириў жеңлери ҳәм суў етиклери менен тәмийинленген.

Өрт өшириў қайығы болса 2 адамнан ибарат экипажға ийе болып, 1 дана мотопомпа (секундына 16 литр суў пүркейди), өрт өшириў жеңлери (75 мм лик сүриўши жең ҳәм 51, 66 мм лик басым астында ислеўши жеңлер) ҳәм 2 дана суў етиклери менен тәмийинленген.

Ҳәзирги ўақытта қайық Мойнақ районындағы өрт қәўипсизлиги бөлимшесиниң әскерий есабына тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.