Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен пайтахтымыздағы Қарақалпақстан мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында қарақалпақстанлы художниклердиң дөретпелеринен ибарат «Жаз жилўасы» темасындағы көргизбеси ашылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен алға қойылған әҳмийетли 5 басламаны кең түрде әмелге асырыўға қаратылған илажды өткериўдеги мақсет, сүўретлер арқалы жаз мәўсимине тән үлкемиздиң әжайып тәбиятын ашық реңлер арқалы көрсетиў, оқыўшы-жаслардың көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў арқалы оларда ана-Ўатанға сүйиспеншилик, миллий қәдриятларымызға ҳүрмет сезимлерин оятыў болып табылады.
Көргизбеде 20 ға шамалас қарақалпақ художниклериниң мийнетлери қойылды. Олардан Б.Тәжимуратовтың «Аўыл көриниси» жумысында аўылдың жаз мәўсиминдеги турмысы сүўретленген болса, А.Жақсыбаевтың «Натюрморт алмалар» жумысында үлкен ыдыс ишиндеги суўда қалқып жүрген қызыл алмалар итибарды өзине тартады. Сондай-ақ, С.Бекбаўлиевтиң «Мойнақ Сарыбас көл», Т.Сулаймановтың «Үйдиң алды», «Маңғыт аўыл» ҳәм басқа да художниклердиң мийнетлери келип көриўшилерде айрықша қызығыўшылық оятары сөзсиз.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М. Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери