«Танка» көркем фильминиң режиссёры, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Төренияз Қәлимбетов дүньядан өтти. Бул ҳаққында «Өзбеккино»ға тийкарланып, Kun.uz хабар берди.
Төренияз Жумабаевич Қәлимбетов 1954-жылы 19-январьда Қарақалпақстан Республикасының Шымбай районында туўылған, 1976-жылы Ташкент мәденият институтының режиссёрлық бағдарын питкерген.
Т.Қәлимбетов «Қазақфильм»де, Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясында, «Қарақалпақфильм» киностудиясында ҳәм «Қарақалпақкино» агентлигинде режиссёрлық ҳәм ҳәр қыйлы басшы лаўазымларда хызмет еткен. Ол режиссёр сыпатында 30 ға шамалас көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлерди ислеген және түрли кинофестивальларда мүнәсип орынларды қолға киргизген.
Режиссёрдың ең белгили фильмлери қатарында 2002-жылы сүўретке түсирилген, халқымыз сүйип тамашалайтуғын «Танка» көркем фильмин атап өтиў орынлы.
Биз марҳумның шаңарақ ағзаларына, дос-яранларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.