Дыққат, таңлаў!
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, «Өзбеккино» миллий агентлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик аўқамы, Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллығына бағышланған «ЕҢ УЛЛЫ, ЕҢ ӘЗИЗ» дәстүрий таңлаўын жәриялайды.
Таңлаўға «Жанажан Өзбекстаным. мәңги бол аман!» деген бас идеяны өзинде жәмлеген ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы, сондай-ақ, «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» мәмлекетлик бағдарламасы, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен», «Жаслар келешегимиз», «Бес унамлы баслама» сыяқлы әҳмийетли бағдарлама ҳәм режелер шеңберинде алып барылып атырған түпкиликли реформаларды кеңнен сәўлелендиретуғын дөретиўшилик шығармалар қабыл етиледи.
«Ең уллы, ең әзиз» дәстүрий таңлаўы төмендеги номинациялар бойынша өткериледи:
– жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары;
– баспа ҒХҚ хызметкерлериниң журналистлик жумыслары;
– ғалаба хабар қураллары сыпатында дизимге алынған веб-сайтлардағы интернет-журналистика материаллары;
– телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң материаллары;
– сүўретлеў өнери, фото шығармалар ҳәм дизайн ислери;
– кино көркем өнериниң шығармалары.
Таңлаўға усынылған дөретиўшилик жумысларға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етилиўи керек:
– автор ҳәм оның профессионал жумысы ҳаққында қысқаша мағлыўмат;
– автордың паспорт нусқасы;
– жумыс орнынан усыныс;
– автордың мәнзили ҳәм байланыс телефонлары.
Таңлаўға 2018-жылдың 1-августынан 2019-жылдың 1-августына шекем болған дәўирде рәсмий басып шығарылған көркем-әдебий шығармалар, газета-журналлар ҳәм интернет басылымларында жәрияланған мақалалар, радио ҳәм телеканалларда эфирге берилген материаллар, көрилген сүўретлеў өнери ҳәм кино көркем өнериниң шығармалары усы жылдың 5-августына шекем қабыл етиледи.
Таңлаў жеңимпазлары Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамы алдында сыйлықланады ҳәм олардың дизими баспасөзде жәрияланады.
Дөретиўшилик жумыслар «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўына деп көрсетилген ҳалда төмендеги мәнзиллерге жиберилиўи керек:
100011, Ташкент қаласы, Наўайы көшеси, 30-жай. Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик аўқамы, телефонлар: 71 244-35-35; 71-244-64-61, 71 244-27-79;
100066, Ташкент қаласы, Бунёдкор көшеси, Жазыўшылар қыябаны. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, телефон 71-231-83-67;
100115, Ташкент қаласы, Чиланзар көшеси, 1-А жай. «Өзбеккино» миллий агентлиги, телефон: 71 277-81-05.
ӨзА