Ўатанды улығлайтуғын, ар-намыс, қәдир-қымбат, мақтаныш сыяқлы жоқары пазыйлетлер шеберлик пенен атқарылған ең жақсы қосықларды ҳәм олардың атқарыўшыларын таңлап алыўға арналған «Жалғызымсаң, муқаддес Ўатан!» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Усы жылдың 15-апрелинен 1-июлине шекем болып өткен таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышында 500 ге шамалас профессионал, ҳәўескерлик көркем топарлар, ансамбльлер, жеке атқарыўшылар қатнасып, олардан ылайықлы деп табылған 25и Қарақалпақстан мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында өткерилген республикалық басқышта қатнасты. Жәмийетшилик қатнасыўында, жоқары көркемлилик принциплери ҳәм қалыслық тийкарында болып өткен таңлаўда 7 жастан 30 жасқа шекемги атқарыўшылар өзлериниң талантын көрсетти.
Таңлаўда қосық текстиниң оригиналлығы, тәсиршеңлиги, мазмуны, намасының жаңалығы, атқарыўшының сахнада өзин тута билиўи итибарға алынды. Таңлаў жуўмағына бола, биринши орынды Нөкис қаласынан Х.Атамуратов ҳәм Н.Мухаммадияровлар жеңип алды. Екинши орынға Төрткүл районынан Д.Әўезов, Шымбай районынан С.Тилеўмуратов ылайық деп табылды. Буннан тысқары алты атқарыўшыға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң Ҳүрмет жарлығы тапсырылды.
Таңлаўда биринши ҳәм екинши орынды алған қатнасыўшылар Ташкент қаласында өткерилетуғын үшинши басқышта қатнасады. Таңлаўда ең жақсы деп табылған қосықлар Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигине бағышланып Ташкент қаласында, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда өткерилетуғын байрам салтанатларында атқарылады.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.