Усы жыл 12-июль күни Мойнақ районындағы «Мойнақ қолтығы» көллер системасында өрт жүз берип, сол күни саат 12:00лерде басланған өрт 13-июльге өтер түнде, саат 02:30ларда өшти. Дәслепки есаплаўларға қарағанда усы өрт себепли тәбиятқа зыян келтирилген аймақтың майданы, жәми 72,6 гектар әтирапында.

Усы ўақыя себепли өрттиң келип шығыўы ҳәм келтирилген зыянды анықлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети тәрепинен дүзилген оператив топар ўақыя орнында үйрениў жумысларын алып бармақта.

– Бул өрттиң келип шығыўының себеби ҳәзирше белгисиз,-дейди комитеттиң Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында қадағалаў бойынша инспекциясы баслығының орынбасары Алишер Якубов. – «Мойнақ қолтығы» көллер системасының майданы, жәми 14 мың гектар болып, «Мойнақ аквасанаат» МУКқа тийисли. Ўақыя болған жер район орайына 7 километр узақлықта жайласқан. Өрттен әтираптағы адамлар жәбир көрмеген.

Өрттиң келип шығыў себеплери комитеттиң, районлық инспекцияның, басқа да тийисли тараўлардың қәнигелери және кәрхананың тийисли ўәкиллеринен дүзилген топар тәрепинен үйренип шығылып, усы өрт себепли жәми 72,6 гектар әтирапындағы майданға зыян жеткени анықланды.

«Мойнақ қолтығы» көллер системасындағы қамыслықларға келтирилген зыян Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 20-октябрьдеги 290-санлы қарары тийкарында есапланып, тәбиятқа келтирилген зыян жәми 29 миллион 436 мың 396 сумды қурайды.

Ҳәзирги ўақытта сорастырыў жумыслары даўам етпекте.

Себептен пайдаланып, жаз айының ҳәзирги ыссы ўақытларында тәбият қойнына шығып, көл ҳәм каналлардың салқын саяманлы жерлеринде дем алыўды режелестирген пуқаралардан, ол жерлерде өрт келип шығыўының алдын алыў илажларын көриўди өтиниш етип қаламыз.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.