Гулистан АННАҚЛИЧЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Сенатор

 

 «Жанажан Өзбекстан, мәнги бол аман!»

Елимизге сондай бир жақты күнлер келди, өмирдиң ҳәр бир мәўрити, ҳәр бир деми сизге бахыт пенен қарап атырғандай, сондай берекетли заман, азат ҳәм абат турмыс, жақсы күнлер ушын сен не иследиң, деп сорап атырғандай болады.

Кеўил бир көтерилип түседи. Өткен өмириңе, артта қалған узын жолларға бир қарап аласаң. Қандай жасағаның, сеннен қалған излер, сен ислеген  мийнет, шеккен машақатлардың қуны барма, деп өз-өзиңе сораў бересең. Бул мийнетлериң бүгинги бахытлы күнлерде азда болса көринип атырма, деген ойларға барасаң.

 

Сонда бахыттан қуўанып жуўырып киятырған ақлығың қушағыңа атылады. Оның арзыў-нийетлерден толып тасып атырған жүрек соғыўын сезесең. Еле балалар бақшасында болсада инглисше сөйлеп атырған ямаса корейс, немис тилинде қосық айтып атырған шаўлығыңыздың жаңа заманға жаңа нәлшедей тамыр урып атырғанынан кеўлиңиз толып тасады.

Бундай бахытлы сезимлер мине 28 жылдан берли, ҳәр бир алған демимиз, ҳәр бир атқан адымымыз, жаңа арзыў мақсетлер, умтылысларымыз, ел ушын, оның келешеги ушын әмелге асырған ҳәр бир исимиз усы ата-мәканның кеңисликлерине сиңип, тереклерге, гүллерге қосылып өсип атырғандай.

28-жыл! Ғәрезсизлигимиз 28 жасқа толды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң жақында қол қойған «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары менен танысар екенбиз ҳәр биримиздиң кеўлимизден өткен демлерге шүкирлик, елимиздеги қурылыс жумысларынан мақтаныў, перзентлеримиздиң бахтынан қуўаныў сезимлери толып тасады.

Қарарда, «Мәмлекетимиз тарийхында өшпейтуғын бет ашқан уллы ғәрезсизлик себепли Өзбекстан өткен ўақыт даўамында дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеп, миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай исенимли илгерилеп бармақта» делинеди. Шынында да мәмлекетимиз миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай бет бурды.

Мәмлекетимизде болып атырған жаңаланыўлар, тез пәт пенен әмелге асып атырған өзгерислер, әсиресе, кейинги еки жылда сондай көзге тасланбақта, ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында жүдә көп айтылған миллий сананың ояныўы, қәдириятларымыздың тиклениўи, ислам дүньясында өз орнымыздың беккемлениўи, дүнья жәмийетшилигинде Ўатанымыздың абырайы артып атырғаны кейинги еки жылда айқын сәўлеленбекте.

Мысал келтириў ушын узаққа барыўдың кереги жоқ. Егер Қарақалпақстанның пайтахты жанажан Нөкис қаласының көшелеринен әсте айланып жүрсеңиз, өмиримиздиң қаншелли шадлы, қаншелли көркем, саўлатлы болып баратырғаны, миллетимиздиң абырайы, қәдириниң уллыланып атырғанлығы, жарқырап көринип атырғанына гүўа боласыз.

Тек ғана орайлық көшелери емес Нөкистиң төрт тәрепи, гөне, таза қала деп аталыўшы орынлары, «Дослық», «Қаттыағар» каналларының еки тәрепи абаданластырылғанын көрип кеўилиңиз ашылады. Жаңа аэропорт ҳәм темир жол вокзалы әтирапларында көплеген сырт ел туристлерин ушыратасыз. Әсиресе «Савицкий» музейине пүткил дүнья жәмийетшилигиниң қызығыўшылығы артып атырғанын оның залларында сырт ел туристлериниң барлық ўақытта толы екенлигин көрип гүўасы боласыз.

Әсиресе пүткил дүнья итибарының Мойнаққа қаратылғанлығы тек ғана Қарақалпақстанлыларды емес, пүткил Өзбекстан халқын қуўанышқа бөлемекте. Буннан 10-15 жыллар бурын Қарақалпақстан Арал теңизиниң апатшылығы ақыбетинде шорлап, дузлы самаллар есип, экологиясы бузылған үлке сыпатында қаралған болса, соңғы 2 жылда бул пикирлер пүткиллей өзгерди.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан халқына шексиз меҳир-итибары, ғамхорлығы себепли бундай пикирлерге қатаң тыйым салынды.

Соңғы еки ярым жыл ишинде мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Республикамызға бес мәрте келип, процесслер менен жақыннан танысты. 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлериндеги сапарынан соң 11 триллион 534 миллиард сум муғдарындағы 793 жойбар қабыл етилип, соның нәтийжесинде 12 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылмақта.

Президентимиздиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 72 –сессиясында дүнья жәмийетшилигиниң итибарын Арал машқаласына қаратқаны, жақында ғана Бишкек қаласында болып өткен Шанхай бирге ислесиў шөлкеми мәмлекет басшылары Кеңесиниң гезектеги мәжилисинде, Душанбе қаласында болып өткен Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң бесинши саммитинде бул машқаланы және бир мәрте көтерип шыққанлығы халқымызға болған итибар ҳәм айрықша ғамхорлықтың нәтийжеси.

Сондай-ақ, бул бағдарда Ҳүрметли Президентимиздиң Мойнақ районына сапары даўамында берилген көрсетпелери тийкарында быйыл 16-январь күни Министрлер Кабинетиниң «Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы 37-санлы қарары қабыл етилди.

Усы бағдарлама тийкарында Мойнақ районында 2019-2021-жылларда 1 трлн. 485 млрд. сум муғдарындағы қурылыс-оңлаў жумысларының әмелге асырылыўы белгиленип, бул бағдардағы көлемли жумыслар басланып кеткен.

2019-жылдың өзинде 622 млрд. сумлық 8 мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, 7 мектеп, 4 спорт, 6 денсаўлықты сақлаў, 8 мәденият объектлеринде қурылыс оңлаў жумыслары және 20 көп қабатлы турақ-жайлардың қурылысы баслап жиберилди.

Өткен қысқа ўақыт ишинде бир неше объектлер пайдаланыўға тапсырылды. Мәселен, 800 орынлық Амфитеатр ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайы жаңадан қурылды және район спорт стадионы ҳәм Мәденият орайының  реконструкциясы толық жуўмақланды.

Сондай-ақ, 7-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳәм  32-санлы аўыллық шыпакерлик пунктинде реконстркуция жумыслары және 33-санлы аўыллық шыпакерлик пунктинде толық қайта оңлаў жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылыў алдында тур.

Булардан тысқары, Мойнақ районында санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында улыўма баҳасы 26 трлн. 974,8 млрд. сумлық 75 жойбарды әмелге асырыў бойынша жумыслар басланбақта.

Булардың барлығы бизлер ушын шексиз мақтаныш емеспеЎ Жаңаланған, барған сайын жасарып, көркем бир үлкеге айланып атырған Қарақалпақстанымыздың орны Өзбекстанда жарқырап көринбекте. Тек ғана Өзбекстанда емес, ал Орайлық Азияда да, дүньяның басқа мәмлекетлеринде де Қарақалпақстанға болған қызығыўшылық, итибар ҳәм ҳүрметтиң артып атырғанлығын көрип қуўанамыз.

Усы жерде Президентимиздиң Олий Мажлис Сенатының 20-жалпы мәжилисиндеги шығып сөйлеўинде Қарақалпақстан ҳаққында, айрықша атап өткенлерин және бир мәрте тилге алмақшыман.

Президентимиздиң әсиресе «Бүгин кешегидей жасап болмайды» деген сөзлери қаншелли дурыс екенлигин тез пәт пенен өзгерип атырған дөретиўшилик өмирди көз алдымызға келтирип қайта-қайта аңладық.

Қараң, елимизге дүнья есиги ашылмақта. Мәмлекеттиң раўажланыўы, халықтың турмыс дәрежеси, тынышлық-парахатшылық, шаңарақтың муқаддеслиги жолында бүгин жаңаша жасаў, жаңаша мийнет етиў ўақты келди, демек бүгин кешегидей жасап болмайды.

Президентииздиң баянатынан, ҳаял сыпатында, ана сыпатында жүрегимде үлкен мақтаныш сездим. Кеўлимде елиме, халқыма, мәмлекетимиз басшысына және бир мәрте миннетдаршылық сезимлери пайда болды.

Мәмлекетимиздиң ҳаял-қызлары соңғы еки жылда жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсендилик, пидайылық көрсетип атыр. Президентимиз «Шаңарақтың муқаддеслигин ҳаялсыз көз алдымызға келтирип болмайды, деди. Соның менен бирге сиясий-жәмийетлик турмыста ҳаяллар белсене қатнасып атырған болса, сол жерде табыслар бар» деп исеним менен айтты.

Басымыз көкке жетти. Ҳаял қәдир-қымбатының улығланыўы миллетимиз абырайының улығланыўы, мәмлекетимизде ҳаяллар денсаўлығы, қызларды турмысқа таярлаў, репродуктивлик саламатлығын беккемлеў бағдарында избе-из, мақсетли, жумыслардың нәтийжели болыўына барлық имканиятлар жаратылмақта.

Президентимиздиң бул бағдарда шығарған бир қатар қарарлары, белгилеп берилип атырған ўазыйпалар ҳаял-қызлардың күшине күш, мақсетлерине қанат болмақта.

Президентимиз Парламентимиздиң жумысына баҳа берип, «Нызамлар толық ислеўи ушын депутатлар халыққа жақын болыўы керек, болмаса нызам қағазда қалып қояды», «Қайсы нызамның ислемей атырғанын халық арасына кирип барып, адамлардан сораў керек», деген сораўларды ортаға таслап олардың орынланыўы бойыншада анық көрсетпелер берип өтти. «Егер ҳаяллардың көзинде бир тамшы жас болса, демек биз олардың ишки дүньясын билмей атырмыз», «Ҳәр бир мәмлекетлик хызметкер өзиниң хызмети менен ийелеп турған лаўазымына ылайықлы екенлигин дәлиллеўи керек», деген пикирлери дәўир менен тең адымлай алмай атырғанымызды, еле бул өмирде ислейтуғын жумысларымыз оғада көп екенлигин көрсетип берди.

Президентимиздиң баянатында атап өтилген пикирлер алдымызға қойылған ҳәр бир ўазыйпа тарийхый әҳмийетке ийе болыўы менен бир қатарда, ҳәр биримиз ушын қолланба.

Бүгинги күнде Президентимиздиң басшылығында социаллық-экономикалық турмыстың барлық тараўларында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта, бул жақсы ислердиң төркининде инсан мәплерин қорғаў, адамларды турмыстан қуўанышлы етиў, елимиздиң буннан-былай да раўажланыўын тәмийинлеў сыяқлы үлкен мақсетлер жыйналған.

Бул үлкен реже, жаңа мақсетлер менен исленип атырған мийнет бүгинги күнде Қарақалпақстанда өз нәтийжесин берип атырғаны да бар ҳақыйқат.

Төмендеги санларға итибар берейик. Булар әпиўайы санлар ямаса әпиўайы көрсеткиш емес, ал қарақалпақ үлкесиниң социаллық-экономикалық раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болып атырған халқымыздың дөретиўшилик мийнетиниң нәтийжеси. Бунда хәммениң өз алдына мүнәсип орны ҳәм үлкен үлеси бар екенлигин қанаатланыўшылық пенен атап өтемиз. Өйткени бундай уллы мақсетлер жолында қолға киргизилген табыслар ҳәм қабыл етилип атырған әҳмийетли ўазыйпалар, Президентимиздиң Пәрман ҳәм қарарлары тийкарында қабыл етилип атырған Мәмлекетлик бағдарламаларды орынлаўда айқынкөзге тасланбақта.

Елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў, шаңарақлардың дәраматларын арттырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халықтың тыныш-парахатшылықта жасаўын тәмийинлеў ҳәм басқа да түрмыслық әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша кең көлемли ҳәрекетлер өзиниң унамлы нәтийжелерин берип атырғанлығына айқын мысал болып табылады.

Ҳүрметли Президентимиздиң 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмаларға бола улыўма баҳасы 11 трлн. 526 млрд. сумлық 793 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 12 мыңнан аслам жаңа жумыс орынларын жаратыў режелестирилген. Нөкис қаласында баҳасы 33,5 млрд. сумлық «Нукус Мед Тех» ЖШЖ тәрепинен шприц ҳәм инфузион системаларды ислеп шығарыў жолға қойылды.

Кегейли районында «Kegeyli qаg’аz» ЖШЖ тәрепинен 31,4 млрд. сум мүғдарындағы инвестициялар есабынан целлюлоза ислеп шығарыў, Лакрицаны терең қайта ислеп шығарыўшы «Ланко-мия» кәрханасы иске түсти.

Усы жерде районларда алып барылып атырған дөретиўшилик жумысларына бир нәзер таслайық…

ШЫМБАЙ ТӘРЕПЛЕРГЕ БАХЫТ КҮЛИП БАҚПАҚТА

Нөкис қаласынан Шымбай тәрепке жолға шықсаңыз қарақалпақ кеңисликлериниң өзине тән сулыўлығы, тәбияты кеўлиңизди көтереди, кең ҳәм тегис жоллар сизди тезлик пенен «Халқабад» қаласына жеткереди. Жақында ғана шала ҳәм ашық базары, дийўаллары унырап кеткен еки дүкан имаратлары ғана көринип туратуғын бул қала кейинги еки жылда пүткиллей басқа түрге енди.

Заманагөй базар, саўда орынлары, заманагөй админстративлик имаратлар, балалар майданшалары көзге тасланады. Әсиресе гүллерге толы жоллар, бир қатар тигилген жасыл шырша ағашы қалаға өз алдына сән берип тур. Сәл иширекте адамлардың қыйтақ жерлериндеги баў-бақшалар, мийўе-овощ өнимлерин жетистирип атырған қолайлы қыйтақ жерлер де халық дастурханының толы болыўына хызмет етпекте.

Булардың ҳәммесинде мәмлекетимизде болып атырған жаңаланыўлар, бул табысларда халқымыздың дөретиўшилик мийнети бар екенлигин ойлап. кеўилиңиз толады. Дурыс еле халықтың турмыс мәденияты, өз имканиятларынан пайдаланыў дәрежеси Президентимиздиң барлық тараўлар бойынша қабыл етилип атырған Пәрман ҳәм қарарларында белгилеп берген ўазыйпаларының орынланыўында анық көринип атырған жоқ, Бәрибир турмысымызда  үлкен өзгерислер болып атырғанын көзимиз көрип тур. Бир ғана мен тилге алған Нөкис-Шымбай жоллары, оның еки тәрепинде жарқырап турған жаңа турмыс тек ғана сөйлеп емес, ал жырлап тур.

Мине, Шымбайға жақынласар екенбиз жолдың оң тәрепинен көркем бир зыярат етиў орнына көзиңиз түседи. Бул жерде қарақалпақ халқының уллы шайыры Бердақ бабамыздың естелик имараты бой тиклеген. Күнхожа шайыр, Ақымбет бақсы сыяқлы халық дәртин жырлаған ағартыўшы бабалар халық ардағында. Бул зыярат етиў орны усы жолдан өткенлерди итибарсыз қалдырмайды. Тарийхтың жарқын тулғасы болған философ, ойшыл шайыр Бердақ баба, Күнхожа шайыр музейлери де жас әўладты өз қушағына шақырып турғандай. Бабалар руўхы барлық ўақытта әўладларды қоллайды.

Шымбай районында бүгинги күнде алып барылып атырған кең көлемли қурылыс жумыслары, әлбетте, усындай ата-бабаларымыздың арзыў-нийетлери, мүбәрек естелигине руўхына сай болып атырғаны елимиздиң, халқымыздың бахты.

Бизге белгили Президентимиздиң Қарақалпақстанға ҳәр сапар етиўи ҳәм берген тапсырмалары усы халықтың әсирлик арзыў-нийетлериниң орынланыўы, халықтың турмыс абаданлығының жақсыланыўы, дастурханының толылығы, көбирек экспортқа жарамлы өнимлерди жетистирип, сырт ел инвестицияларын тартып, санаатты раўажландырыў сыяқлы үлкен ўазыйпалардың әмелге асырылыўына қаратылып келинбекте.

Усы көз қарастан Шымбайда усы күнлери «ZANG TEX» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Қытай Халық Республикасы менен биргеликте 10 млн АҚШ доллары муғдарындағы жойбарларды әмелге асырмақта. Бул жойбар әмелге асқан Шымбайда жип ийириў ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрхана иске түседи. Жүзлеген жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Район аймағындағы Өзбекстан-Қытай «Lanextrakt» ЖШЖ түриндеги қоспа кәрханасы Қытай Республикасының «Luoyang Lanbing» компаниясы ҳәм Өзбекстан Республикасының «Marksmart» компаниялары тәрепинен қурылып, устав фонды 75 мың АҚШ доллары, соннан 90 проценти 56,3 мың АҚШ доллары Қытай Халық Республикасы тәрепинен, 10 проценти 18,7 мың АҚШ доллары Өзбекстан Республикасы тәрепинен киргизилген.

Бул кәрханада 25,30 тонна боян тамырдан 1 тонна глицирризин порошоги  өними ислеп шығарылады.

Бүгинги күнде Шымбай қаласының орайы, аўыллардың көриниси дәўиримизге  сай түрде өзгерип, жасарып атырғанын көремиз.

Әсиресе быйылғы жылға мөлшерленген инвестициялық бағдарлама шеңберинде Шаңарақ поликлиникасы, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў орайының имараты, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң имараты сыяқлы объектлердиң қурылысы жеделлик пенен алып барылмақта.

Сондай-ақ, райондағы 7-санлы мектепте, 13,5 км аралықтағы ишимлик суўы тармақларында, 7 көп қабатлы турақ жайларда ҳәм 6,5 километрлик ишки жолларда оңлаў жумыслары даўм етпекте.

Әсиресе  Президентимиздиң аўыл турғынларын арзан турақ жайлар менен тәмийинлеў бағдарындағы Пәрман ҳәм қарарлары тийкарында Шымбайда 3 ханалы 8 турақ жай имараты, 4 қабатлы 24 квартиралы бир турақ жай имаратының қурылысы да жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылыў алдында тур.

Шымбайда «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде «Қамыс арық». «Бахытлы», «Көкше» аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларындағы 44 объектте абаданластырыў, оңлаў, қайта қурыў жумыслары аўызбиршилик пенен алып барылмақта.

Бул жумыслар ушын 28 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылған. Усы аўыллардағы 3-,11-,14-,19 -,42-,48-санлы мектеплер қайта оңланып, жаңа оқыў жылына таярланбақта. 10 километр аралыққа жаңадан ишимлик суўы тармақларын тартыў, 22 км. ден аслам аралықтағы электр тармақларын модернизациялаў, 21 км аралықтағы ишки автомабиль жолларын оңлаў, 6,5 кмге шамалас аралықтағы жолларға жақтыландырыўшы шырақлар орнатыў, 4,5 км аралықтағы пиядалар жолларын асфалтьлаў, әсиресе халықтың оңланыўға мүтәж  болған 16 турақ жайының төбесин оңлаў жумыслары әлбетте, аўыллардың көринисин заман талаплары дәрежесинде абат ҳәм көркем болыўы ушын алып барылып атырған көлемли жумыслардан есапланады.

Президентимиздиң Қарақалпақстанға еткен хызмет сапары даўамында белгилеп берген ўазыйпаларының орынланыўы шеңберинде Нөкис-Тахтакөпир автомабиль жолының Шымбай районынан өтетуғын Дослық гүзары район орайының 6,4 км аралығында бас көше етип белгиленди.

Усы гүзар бойында 3 қабатлы көп квартиралы 10 турақ жай имаратларын қурыў, 20 жеке тәртиптеги гөне турақ жайларды көшириў, Шымбайда орайлық канализация тармағын жаратыў жумыслары да қолға алынбақта.

Халқымыз Шымбайда ҳәр күни бир жақсы жаңалық, деп, қуўанады. Мине жақында Жаслар күни мүнәсибети менен район жасларына руўхыйлыққа хызмет ететуғын еки қабатлы китап дүньясы дүкани саўға етилди.

Бул саўғаның итибарға ылайықлы тәрепи сонда, оның қурылысына жас исбилермен Дәўран Халилов қәўендерлик етип, Шымбайда үлкен китаплар дүньясын жаратты ҳәм жаслардың кәмил инсанлар болып жетилисиўине үлкен үлес қосты.

Сол күни район орайында еки орында заманагөй спорт майданшасы да жасларға пайдаланыўға тапсырылды.

Район дийқанлары, ғәллекешлери, пиллекешлери де быйыл ғәлле, пилле тапсырыў режелерин Қарақалпақстанда бириншилерден болып орынлады.

Усы күнлерде мийнеткеш пахтакешлер 5200 гектар майдандағы ғаўаша тәрбиясында пидәкерлик  пенен мийнет етпекте.

Бул жаңаланыўлар, өзгерислер, дөретиўшиликтиң барлығы Шымбайдың бүгинги күни, келешеги, халықтың абаданлығы ушын исленип атырған үлкен саўаплы ислер болып есапланады.

Шымбайдан шығып Нөкис-Маңғыт тәреплерге өтип нәзер таслаймыз.

(даўамы бар)

    

Қарақалпақстан хабар агентлиги