Соңғы жылларда мәмлекетимизде аналықты ҳәм балалықты қорғаў, бул бағдардағы саламатлық көрсеткишлерин буннан былай да жақсылаўда унамлы нәтийжелерге ерисилмекте.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги орынларда бул бағдарда алып барылып атырған жумысларды турақлы түрде мониторинг етип бармақта. Үйрениўлер нәтийжесинде, әне, усындай унамлы өзгерислер менен бир қатарда, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының айырым районларында усы жылдың өткен алты айы жуўмақларына бола, аналар өлими көрсеткиши өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда белигили дәрежеде көбейгенлиги анықланған.
Жүзеге келген жағдайды ҳәр тәреплеме үйрениў, бар машқалалардың шешимин табыў, таллаў ҳәм жергиликли шыпакерлерге ҳәмиледар ҳаялларға көрсетилип атырған медициналық жәрдемди буннан былай да жақсылаў бойынша әмелий-методикалық жәрдем бериў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери, Республикалық қәнигелестирилген акушерлик ҳәм гинекология илимий-әмелий медициналық орайының бир топар илимпазлары ҳәм маман қәнигелеринен ибарат жумысшы топар ҳәзирги күнлерде Қарақалпақстан Республикасында болмақта. Олар тәрепинен аналар өлиминиң көбейиўине байланыслы жағдай ҳәр тәреплеме үйренилмекте. Бул бағдарда жол қойылған кемшиликлер талланып, олардың алдын алыў бойынша медицина хызметкерлерине методикалық жәрдем көрсетилип, заманагөй диагноз ҳәм емлеў усылларын әмелиятқа қолланыў бойынша көнликпелерин арттырыўда жәрдем берилмекте.
Соның менен бирге, өз жумысы даўамында кемшиликке жол қойған, өз ўазыйпасына немқурайдылық пенен қараған медицина хызметкерлерине тийисли тәртипте нызам түринде шаралар көрилди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Перинатал орайының директоры А.Абидов, директордың орынбасары З.Жуманиязова ҳәм паталогия бөлиминиң баслығы С.Ешбаева лаўазымынан азат етилди. Усы орайдың реанимация бөлиминиң баслығы М.Низаматдинов ҳәм 4-туўыў бөлиминиң баслығы С.Ешмановаға жәрийма интизамый жаза шаралары қолланылған.
Усы орайдың реанимация бөлиминиң шыпакерлери Г.Сарыбаева ҳәм З.Аблакимов, Г.Тәңирбергеновлар, сондай-ақ, нәўбетши акушер-гинеколог Л.Бурангулова, паталогия бөлиминиң акушер-гинекологи Д.Янгибоева, 3-туўыў бөлиминиң акушер-гинекологи Г.Әширбекова және 1-туўыў бөлиминиң нәўбетши акушеркасы А.Сариеваларға болса «сөгис» интизамий жаза илажлары қолланылған.
Буннан тысқары Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Д.Бекбаева, Нөкис қалалық медицина бирлеспесиниң баслығы Ж.Тарихов, Қоңырат районлық медицина бирлеспесиниң баслығы Б.Жуманиязов ҳәм Шымбай районлық медицина бирлеспесиниң баслығы Д.Ембергеновларға жәрийма жаза илажлары қолланылды.
Ҳәзирги ўақытта пайтахттан барған қәнигелер жергиликли шыпакерлер менен биргеликте аналар, балалар, жас өспирим, фертил жастағы ҳаяллар ҳәм халықтың барлық қатламына көрсетилип атырған медициналық жәрдемди буннан былай да жақсылаў, медициналық профилактика, перинатал ҳәм антенатал медициналық жәрдемди заман талаплары дәрежесинде шөлкемлестириў бойынша жумыс алып бармақта.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында дерлик бес жүз мың туўыў жасындағы ҳаяллар бар екенлигин атап өтиў керек. Оларға медициналық-профилактика ҳәм қәнигелескен медициналық жәрдем көрсетиў бойынша заманагөй имканиятлар жаратылған. Аймақтағы 16 туўыў орайы ҳәм Республикалық перинатал орайы заманагөй технологиялар менен үскенеленген. Районлардағы көп тармақлы орайлық поликлиникаларда Ҳаяллар мәсләҳәтханасы бөлими ҳәм Қызлар саламатлығы орайы, перинатал скрининг ханалары шөлкемлестирилип, заманагөй медициналық диагностика қураллары менен үскенеленген.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги буннан былай да мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған заманагөй имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, шыпакерлердиң билимин ҳәм қәнигелигин турақлы түрде арттырып барыў, өз ўазыйпасына үлкен жуўапкершилик пенен қараўы сыяқлы мәселелерге турақлы түрде итибар қаратып барады. Ең әҳмийетлиси, аналар өлиминиң көрсеткишлерин азайтып барыўды тәмийинлеў жолында бар имканиятларды жумсайды.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими
ӨзА