Соңғы жыллары елимизде аналық ҳәм балалықты қорғаў, бул бағдардағы саламатлық көрсеткишлерин еле де жақсылаў бойынша унамлы нәтийжелерге ерисилмекте. Денсаўлықты сақлаў министрлиги орынларда бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы мониторинг етип бармақта.
Үйрениўлер нәтийжесинде усындай унамлы өзгерислер менен бирге айырым аймақларда, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасының айырым районларында быйылғы жылдың өткен алты айының жуўмақларына муўапық аналар өлими көрсеткиши өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда белгили дәрежеде көбейгени анықланған. Бул ҳаққында Kun.uz жазбақта.
Жүзеге келген жағдайды ҳәр тәреплеме үйрениў, орын алып атырған машқалалардың шешимин табыў, анализлеў ҳәм жергиликли шыпакерлерге ҳәмиледар ҳаялларға көрсетилип атырған медициналық жәрдемди еле де жақсылаў бойынша әмелий-методикалық жәрдем бериў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери, Республикалық қәнигелестирилген акушерлик ҳәм гинекологиялық илимий-әмелий медициналық орайының бир топар илимпазлары және тәжирийбели қәнигелеринен ибарат жумысшы топары усы күнлерде Қарақалпақстан Республикасында болмақта. Олар тәрепинен аналар өлиминиң көбейиўи менен байланыслы жағдай ҳәр тәреплеме үйренилмекте. Бул бойынша жол қойылған кемшиликлер анализленип, олардың алдын алыў бойынша медицина хызметкерлерине методикалық жәрдем көрсетилип, заманагөй диагноз ҳәм емлеў усылларын әмелиятта қоллаў бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға жәрдем бермекте.
Соның менен бирге, хызмети даўамында кемшиликке жол қойған, өз ўазыйпасына итибарсызлық пенен қараған медицина хызметкерлерине тийисли тәртипте нызамлы шаралар көрилди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Перинаталь орайы директоры А.Абидов, директор орынбасары З.Жуманиязова ҳәм патологиялық бөлим баслығы М.Ешбаева лаўазымынан босатылды. Усы орайдың реанимациялық бөлими баслығы М.Нызаматдинов ҳәм 4-туўыў бөлими баслығы С.Ешмановаға жәрийма тәртип жазасы қолланылған. Усы орайдың реанимациялық бөлими шыпакерлери Г.Сарыбаева ҳәм З.Аблакимов, Г.Тәңирбергенов, сондай-ақ, нәўбетши акушер-гинекологы Л.Бурангулова, патологиялық бөлим акушер-гинекологы Д.Янгибаева, 3-туўыў бөлими акушер-гинекологы Г.Аширбекова және 1-туўыў бөлими нәўбетши шыпакери А.Сариеваға болса «сөгис» тәртип жаза шаралары қолланылған.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Д.Бекбаева, Нөкис қалалық медициналық бирлеспеси баслығы Ж.Тарихов, Қоңырат районлық медициналық бирлеспеси баслығы Б.Жуманиязов ҳәм Шымбай районлық медициналық бирлеспеси баслығы Д.Ембергеноваға жәрийма жаза шаралары қолланылған.
Соның менен бирге, Ташкент қаласынан келген қәнигелер жергиликли шыпакерлер менен биргеликте аналар, балалар, жас өспиримлер, фертил жастағы ҳаяллар ҳәм халықтың барлық қатламына көрсетилип атырған медициналық жәрдемди еле де жақсылаў, медициналық-профилактика, перинаталь ҳәм антенатал медициналық жәрдемди заманагөй талаплар дәрежесинде шөлкемлестириў бойынша жумыслар алып бармақта.
Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында дерлик 500 мың туўыў жасындағы ҳаяллар жасайды. Оларға медициналық-профилактика ҳәм қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў бойынша заманагөй имканиятлар жаратылған. Аймақтағы 16 туўыў комплекси ҳәм Республикалық перинаталь орайы заманагөй технологиялар менен үскенеленген. Районлардағы көп тармақлы орайлық поликлиникаларда Ҳаяллар мәсләҳәтханасы бөлими ҳәм Қызлар денсаўлығы орайы, перинаталь скрининг бөлмелери шөлкемлестирилип, заманагөй медициналық диагностикалық қураллар менен үскенеленген.
Аўдарма: Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.