Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман !

Ғәрезсизлик жылларында елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм мәплерин тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Тыныш ҳәм абат елге байрамлар жарасады. Ғәрезсизлик халқымыз ушын ең уллы ҳәм ең әзиз байрам болып есапланады.

Президентимиздиң усы жыл 8-июльдеги «Өзбекстан Рсепубликасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары менен танысып, буған және бир мәрте исенимим кәмил болды. Быйылғы байрам илажларының «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» деген сүрен астында өткерилиўинде үлкен мәни бар.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен алға қойылған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы, сондай-ақ, «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында барлық тараўлар сыяқлы билимлендириўге де үлкен итибар қаратылды. Әсиресе. улыўма орта билимлендириў системасын бүгинги күнниң талаплары тийкарында шөлкемлестириў, перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме жетилисиўи ушын барлық шараятларды жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ғәрезсиз елимизде қәбилетли балаларды анықлаў, таңлаў, олардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын шараятлар жаратыў, оқытыў процесине алдынғы технологияларды енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысыў, халық пенен сәўбетлесиў мақсетинде 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына еткен сапары шеңберинде жоқары потенциалға ийе кадрларды тәрбиялаў мақсетинде елимиздиң ҳәр бир аймағында биреўден жаңа типтеги мектеплер – Президент мектеплерин шөлкемлестириўди, усы жумысты Қарақалпақстаннан, Нөкис қаласынан баслаўды усыныс еткен еди. Бүгинги күнде мектептиң қурылыс жумыслары алып барылмақта. Қарақалпақстан Республикасында усы мектепте оқыў ушын ҳүжжет тапсырған оқыўшылардың саны ҳәр бир орынға 51 ден туўра келгени оған болған қызығыўшылығының қаншелли жоқары екенлигинен дәрек береди.

Жасларды елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың белсенди қатнасыўшыларына айландырыў, илимди өзлестириўге болған интасын арттырыў, излениўшеңлик ҳәм дөретиўшилик жумысқа кеңнен тартыў, дүнья көлеминде Ўатанымыздың даңқын кеңнен таратқан ата-бабаларымызға мүнәсип әўладты тәрбиялаўда мәмлекетимиз басшысының быйыл 3-майдағы «Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары маман кадрларды таярлаўдың үзликсиз системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары үлкен әҳмийетке ийе болды. Усы қарарға муўапық халықаралық олимпиадалардың жеңимпазлары ҳәм оларды таярлаған оқытыўшылардың мүнәсип хошаметлениўи жоқары итибар ҳәм ғамқорлықтың үлгиси болып есапланады.

Мәмлекетимизде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ғәрезсизлик себепли болып атырғанлығын атап өтиў керек. Усы көзқарастан оны қәстерлеп сақлаў, оған мүнәсип болыў, ең әҳмийетлиси, қәдирине жетиў ҳәр биримиз ушын парыз ҳәм қарыз.

 

Айсулыў Тәжимуратова, Өзбекстан Республикасы халық оқытыўшысы.

ӨзА