Есиңизде болса алдын жоқары оқыў орынларының магистратура бағдарына оқыўға тапсырғанда бакалавр басқышында оқыған билимлендириў бағдарының шифры магистратура қәнигелигине сәйкес келиўи шәрти бийкар етилиўи мүмкин екенлиги ҳаққында хабар берген едик. Бул рәсмий түрде тастыйықланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2019-2020-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы 2019-жыл 17-июньдағы ПҚ-4359-санлы қарарына муўапық:
«Белгилеп қойылсын, 2019-2020-оқыў жылынан баслап: магистр дәрежесине ийе болған жоқары тәжирийбеге ийе қәнигелер қатламын кеңейтиў мақсетинде магистратураға қабыллаўда абитуриентлердиң қабыллаў бойынша белгиленген түрлес бакалавриат билимлендириў бағдарлары тийкарындағы магистратура қәнигеликлеринен тысқары басқа магистратура қәнигеликлери (кейинги орынларында – айырықша қәнигеликлер) бойынша да таңлаўда қатнасыўға рухсат бериледи.
Бунда, айырықша қәнигеликлер ҳәм оларға муўапық бакалавриат билимлендириў бағдарлары дизими Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен белгиленеди».
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.