Астрономлар 15-июль күни Жерге оғада күшли магнит бораны келгени ҳаққында ескертти.

Бундай жағдайда ҳаўа райына тәсиршең адамлар өзин жаман сезиўи мүмкин, әсиресе, жүрек-қан тамыр системасы менен наўқасланған адамлар.

Бундай күнлерде қан басымын қадағалап барыў, стресс жағдайлардан қашыў, көбирек чай ҳәм дәрилик от-шөпли (ромашка, пустирника, валериана) демлемелерин ишиў усыныс етиледи.

Қәнигелердиң пикиринше, бул магнит бораны соңғы он жыллықтағы ең күшлиси болыўы мүмкин.

2019-жылы қуяш активлигиниң жаңа 11 жыллық цикли басланды. Қуяш магнит боранларының активлиги ҳәм күши артып бармақта.

Илимпазлардың атап өтиўинше, электромагнит циклиниң ең жоқары шеги 2022-2023-жылларға туўра келиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.