Июльдың екинши он күнлигинен баслап республикамызда оғада ыссы ҳаўа райы сақланып турыпты. Усы күнлерде температура 39-42 градусқа шекем, қубла ҳәм шөл аймақларында болса 44-45 градусқа шекем көтериледи.

«Өзгидромет»тиң мәлим етиўинше, республиканың айырым аймақларында жаздың усы күнлери ушын абсолют температура максимумы дизимге алынды.

Атап өтилиўинше, усы ҳәпте даўамында да республика аймағында оғада ыссы ҳаўа райы сақланып турады.

Ҳаўаның температурасы күндизги ўақытта 40-43 градус, қубла ҳәм шөл аймақларында 44-45 градусқа шекем ысыйды, бул орташа көп жыллық көрсеткишлерден 5-7 градусқа шекем жоқары болып табылады.

Быйылғы июль айы Өзбекстанда метеорологиялық бақлаўлар тарийхый даўамында ең ыссы екенлиги мәлим болмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.