Усы жылдың 26-30-август күнлери Самарқандта «Шарқ тароналари» он екинши халықаралық музыка фестивалы өткериледи.

Мағлыўматларға қарағанда, быйылғы фестивальда 76 мәмлекеттен 315 қатнасыўшы онда қатнасыў тилегин билдирген. Сондай-ақ, 13 мәмлекеттен 20 дан аслам ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасады.

Фестиваль шеңберинде 25-августь күни «Шығыс халықларының дәстүрий музыка көркем өнериниң раўажланыў перспективалары» темасында және 26-августь күни ЮНЕСКО менен биргеликте «Материаллық ҳәм материаллық емес мәдений мийрасты сақлаўF әҳмийетли машқалалар ҳәм оларды шешиў стратегиясы» темасында халықаралық конференциялар өткериледи.

Быйылғы фестиваль ҳәм халықаралық конференцияда ЮНЕСКО бас директоры Одрэ Азуле ханым қатнасыўы күтилмекте.

ӨзА