Жоқары оқыў орынларында оқып атырған студентлердиң Ўатанға садықлық, оның тәғдири ушын жуўапкершилик сезимлерин жетилистириў, мазмуны жағынан терең, көркемлик жақтан жетик қосықлар жаратылыўын хошаметлеў және оларды халқымыздың руўхый мүлкине айландырыў мақсетинде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен жоқары оқыў орынларының студентлери арасында «Жалғызсаң сен, муқаддес Ўатан!» республикалық таңлаўы өткерилип келинбекте.

Усы жылдың 9-июль күни Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясында таңлаўдың жуўмақлаўшы республикалық басқышы болып өтти.

Таңлаўға 16 аймақтың жоқары оқыў орынларынан келген талантлы жаслар қатнасты.

Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышында жеңимпаз болған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студентлери М.Төребеков, Д.Ендирбаев, Б.Қуўатбаев ҳәм Д.Нуратдинова, сондай-ақ, институттың «Тумарис» қосық ҳәм аяқ-ойын халық ансамбли республикалық басқышта да табыслы қатнасты.

Таңлаўдың әдил түрде өтиўин тәмийинлеў мақсетинде төрешилер қурамы ағзалары Өзбекстан халық артистлери болған устазлардан ибарат болды.

М.Нағметуллаев сөзине, Б.Алланиязов намасына исленген «Өзбекстан Ўатаным!» қосығын атқарып шыққан қарақалпақстанлы жаслар таңлаў жуўмақларына муўапық сыйлы 2-орынды ийеледи ҳәм диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Бүгин, Нөкис темир жол вокзалында усындай табысларды қолға киргизген жаслар институт жәмәәти, шаңарақ ағзалары, дослары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында салтанатлы күтип алынды.

– Биз 2-орынды ийелеген болсақ та, усы жылдың август айында болып өтетуғын министрликлер арасындағы қосықлар таңлаўында қатнасыў ушын жоллама алдық, – дейди институт оқытыўшысы, жаслардың устазы Айгүл Надирова. – Жасларымыз бул таңлаўда да өз талантын көрсете алыўына исенемиз.

Институт студентлери министрлик жанындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен даўыс жазыў студиясынан жеңилликли түрде пайдаланыў ҳуқықын беретуғын сертификатлар менен де сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.