Ташкентте 8-июль күни жасыл экономика бойынша Европа ҳәм ҒМДА мәмлекетлери министрлериниң регионаллық конференциясы жумыс баслады.

Экологиялық жақтан таза экономикаға ерисиў бойынша бул конференция үш тийкарғы бағдар – жасыл экономиканы тәмийинлеў ушын нормативлик-ҳуқықый базаны ҳәм сиясатты жетилистириў, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасындағы шериклик қатнасықлары арқалы инновациялық жасыл инвестицияларды хошаметлеў, экономикаға экологиялық таза технологияларды толық енгизиў сыяқлы мақсетлерге қаратылған.

Форум жасыл экономиканы тәмийинлейтуғын, регион мәмлекетлеринде БМШның 2030-жылға шекем турақлы раўажланыў күн тәртибин әмелге асырыў талапларына жуўап беретуғын қарарларды алға қояды.

Жасыл экономика бойынша Европа ҳәм ҒМДА мәмлекетлериниң министрлер дәрежесиндеги 2019-жылғы регионаллық конференция Өзбекстан ҳүкимети, Пүткил жер жүзилик жасыл экономика шөлкеми тәрепинен бир қатар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилди. Онда ҳүкиметлердиң жуўапкер хызметкерлери, халықаралық шөлкемлер, фондлар, жеке меншик сектор, сондай-ақ, барлық континентлерден пуқаралық жәмийети ўәкиллери қатнасты.

1.jpg

Конференцияның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, қаржы министри Жамшид Қўчқоров ҒМДА аймағында биринши рет шөлкемлестирилген бул конференция Өзбекстанның сиясий жолы, Пүткил жер жүзилик жасыл экономика шөлкеми өз алдына қойған мақсетлерге толық сәйкес келетуғынын атап өтти. Өзбекстан қыйын экологиялық машқалалар жыйналып қалған регионда жайласқаны себепли, усы бағдарда әмелге асырылып атырған жойбарлардан тиккелей мәпдар екенлиги атап өтилди.

Пүткил жер жүзилик жасыл экономика шөлкеминиң директоры Абдул Раҳим Султон Өзбекстанның жасыл экономикасын енгизиў бойынша басламалар халықаралық шөлкемлер тәрепинен мақулланып атырғанын атап өтти. Бул жерде экономикалық қәўиплер оғада әҳмийетли ҳәм соның ушын да тәреплер мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери және халықаралық жәмийетшилик арасында жасыл экономиканың мақсетлерин әмелге асырыў бойынша үзликсиз бирге ислесиўди орнатыўды нәзерде тутпақта.

Конференцияда мәмлекетимиздиң Пүткил жер жүзилик жасыл экономика шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралардың ҳәрекетине қосылыў жолындағы жедел әмелий ҳәрекетлери атап өтилди. Атап айтқанда, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында экологияны жақсылаў, қоршаған орталықты қорғаў, инновациялық технологияларды раўажландырыў, тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыў ҳәм басқа да жасыл экономикаға өтиўге байланыслы әҳмийетли мәселелерге айрықша итибар қаратылған.

6.jpg

Жасыл экономика бойынша Европа ҳәм ҒМДА мәмлекетлериниң министрлер дәрежесиндеги 2019-жылғы регионаллық конференция жасыл экономика бойынша ҳәр жылы өткерилетуғын Пүткил жер жүзилик саммитиниң логикалық даўамы болып есапланады. Конференция регионның машқалалы мәселелерден хабардарлық дәрежесин мағлыўматлар ҳәм презентациялар, соның ишинде, Қубла-Қубла және үш тәреплеме бирге ислесиў жәрдеминде әмелге асырыў, Европа ҳәм ҒМДА мәмлекетлери тәрепинен ислеп шығылған ҳәм сынақтан өткерилген, жасыл экономика тараўындағы анық мағлыўматлар ҳәм қарарларға тийкарланған табыслы тәсир қуралларын өзлестириўге бағдарланды.

Конференция шеңберинде жасыл технологияларды енгизиў, турақлы раўажланыў бойынша күн тәртибин қаржыландырыў, «жасыл ҳәрекет» бойынша миллий перспективаны раўажландырыў, «Жасыл экономикаға қуяшлы инвестициялық өтиў» сыяқлы темаларда мәжилислер өткериледи. Конференцияның жуўмағында Пүткил жер жүзилик жасыл экономика шөлкеми қәнигелериниң қатнасыўында «жасыл экономика»ға өтиў көлемин кеңейтиў бойынша тренинг шынығыўлар шөлкемлестириледи.

10.jpg

18.jpg

Ғ.ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы