«Өзбеккино» миллий агентлиги «Қарақалпақфильм» киностудиясы менен биргеликте «Тәғдир поезди» атамасындағы толық метражлы көркем фильмди сүўретке алыў жумысларын баслап жиберген. Бул ҳаққында «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының рәсмий каналы хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, сүўретке алыў жумыслары 30-май күни басланған болып, 15-июльға шекем даўам етеди.

Сүўретке алыў жумысларының 95% и Нөкис қаласы ҳәм Мойнақ районы әтирапында болып өтпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.