Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары тийкарында тастыйықланған Музейлердиң реновациялық бағдарламасына муўапық жақында Нөкисте жайласқан И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи директоры лаўазымына халықаралық таңлаў өткерилди, деп жазады Өзбекстан Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги директорының орынбасары Саида Мирзиёева социаллық тармақлардағы бетинде. Бул ҳаққында ӨзА жазбақта.
Таңлаўда көркем өнертаныў илимлериниң докторы, Россия Федерациясында хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, 20 дан аслам халықаралық көргизбелер кураторы, музей жумысы тараўындағы халықаралық эксперт Тигран Мкртычев жеңимпаз болды.
Бул музей елимиздеги ең үлкен музейлердиң бири болып, хақлы рәўиште «Саҳрадағы Лувр» аты менен белгили. Бул жерде рус авангардына тийисли дөретпелердиң әҳмийети ҳәм көлеми бойынша дүньяда екинши орында туратуғын коллекция және Азия континентиндеги ең үлгили деп табылған көркем коллекция сақланады.
Музейлерде басшы лаўазымларына тайынлаўда жаңаша – ашық таңлаў өткериў әмелияты қолланылып атырғаны айырықша дыққатқа ылайықлы. Бундай әҳмийетли қарарларды қабыл етиўде жәриялылық ҳәм объективликке әмел етилиўи әдил түрде мүнәсип талабанды сайлап алыўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, Саида Мирзиёева: «Музей жумысларында жаңа бет ашылып атырғанына, оның баҳалы коллекциясын қәстерлеп-сақлаўға хызмет ететуғын жаңа раўажланыў басқышы басланғанына исенемен.
Ҳүрметли Тигран Константиновичти тайынланыўы менен қутлықлап, музейди раўажландырыў жолында табыслар ҳәм үлкен дөретиўшилик жеңислер тилеп қаламан!», – деп атап өткен.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.