Усы жылдың 29-июнь – 6-июнль күнлери аралығында Польшада «Золотая лодка» атамасындағы халықаралық таңлаў болып өтти. Бул ҳаққында «Қарақалпақстан мәденияты» газетасы рәсмий каналы хабар берди.

Таңлаўға Грузия, Украина, Әзербайжан, Россия, Италия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң көркем өнер шеберлери қатнасты.

Таңлаўға жерлесимиз, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студенти Динара Нуратдинова да қатнасты.

Бақсышылық өнери менен ҳәммени таң қалдырған Динара таңлаў жуўмақларына муўапық гран-при жеңимпазы деп табылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги