Республикамызда «Олимпиада күни»не бағышланған спорт ҳәптелиги кең түрде белгиленди. Илаж шеңберинде Нөкис қаласында ҳәм районларда спорт жарыслары, белгили спортшылар ҳәм ветеранлар менен ушырасыўлар өткерилди.

Нөкис қаласындағы Амфитеатрда спорт ҳәптелигиниң жуўмағына бағышланған илаж болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев шығып сөйлеп, жыйналғанларды  «Олимпиада күни» ҳәм спорт ҳәптелиги менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, республикамыз аймағында ғалабалық спорт илажларын өткериў бойынша календарь режеге муўапық, быйылғы дылдың өткен алты айы даўамында қала ҳәм район ҳәкимликлери, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен биргеликте 1552  түрли спорт жарысы өткерилди. Оларда 118255 пуқара ҳәм спортшы қатнасты. Соның нәтийжесинде быйылғы жылы Өзбекстан чемпионатларында жеңимпаз болған 28 спортшы жоқары оқыў орынларына имтихансыз қабыл етилетуғын болды.

Республикамыздан Өзбекстан сайланды командасының қурамына 422 спортшы (соннан 231 қыз) қабыл етилген. Спортшыларымыз быйылғы жылдың өткен айлары даўамында жәҳән, Азия ҳәм Өзбекстан чемпионатларында, халықаралық турнирлерди 611 медальды қолға киргизди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-марттағы «2020-жылы (Япония) Токио қаласында болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паралимпиада ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша республикалық комиссия дүзилди. Сондай-ақ, Олимпиада спорт түрлерин раўажландырыў бойынша 2017-2020-жылларға мөлшерленген Бағдарлама ислеп шығылды.

Қәбилетли спортшыларды таңлап алыў мақсетинде. қала ҳәм район аймақларында республикалық жарыс өткерилип, сайланды команда қурамына қабыл етилген спортшылар менен турақлы оқыў-шынығыўлары өткерилмекте.

2020-жылы Токио қаласында болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ойынларына республикамыздан 31, XVI Паралимпиада ойынларына 2 спортшы жоллама алыў ушын жарысларға қатнаспақта.

Илажда спорт ҳәптелигине белсене қатнасып, номинация жеңимпазлары деп табылған Тақыятас районындағы 15-санлы Мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине, Нөкис қаласындағы 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебине, Нөкис қаласындағы 24-санлы улыўма билим бериў мектебине, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан  саўғалар тапсырылды.

-Елимизде жаслардың спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылған,-дейди «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының ийеси, аўыр атлетика бойынша Азия чемпионы  Алишер Раджапов.-Келешекте жәҳән чемпионатларына, Олимпиада ойынларына қатнасыўды алдыма мақсет етип қойғанман.

Илаж республикамыз көркем өнер шеберлериниң гала концерти менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери