«New Atlas» басылымында келтирилиўинше, жаңа технология самалдың ағымын фильтрлеў, углерод молекулаларын өзинде сақлап турыў ҳәм қайта тутыныўға шығарыў арқалы қоршаған орталықты таза ҳаўа менен тәмийинлейди.

Бул технология АҚШ илимпазлары тәрепинен ойлап табылды.

Ҳәзирги ўақытта бул технологияны әмелиятқа енгизиў шеңберинде ҳәр бири 12 жасалма теректен ибарат кластерлер қәлиплестирилип, оларды сынақтан өткериў жумыслары әмелге асырылмақта.

Илимпазлардың айтыўына қарағанда, бул технология диоксид углеродларын сақлап турыў, қоршаған орталықтың патасланыўы ҳәм глобал ысып кетиў системасының тезлесип кетиўиниң алдын алыўда айрықша әҳмийетке ийе.

З.Мирзабоева,ӨзА