Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы жанындағы Жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институти тәрепинен баспасөз конференциясы өткерилди.
Илажда институтта оқыў ҳәм қайта таярлаў курсларына қабыллаў процесслери ҳәм усы курсларды питкерген жас басшылардың бүгинги күндеги жумысы, әмелге асырылған илимий-изертлеў ҳәм үйрениўлер, сондай-ақ, жас басшы кадрлар ушын басып шығарылған арнаўлы оқыў-методикалық қолланбалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Институтқа қабыл етилетуғын абитуриентлер 30 жастан аспаған, Өзбекстан пуқаралығына ийе, жоқары мағлыўматлы, жоқары билимлендириў мәкемесин тамамлағаннан кейин еки жыллық жумыс стажына ийе, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары ямаса жәмийетлик шөлкемлерде ислеп атырған болыўы керек.
Рейтинг бойынша ең жоқары балл алған 60 талабан қайта таярлаў курсларына қабыл етиледи. Оқыў дәўиринде тыңлаўшылардың жумыс орны ҳәм орташа айлық мийнет ҳақысы сақлап қалынады.
– Оқыў ҳәм методикалық бағдардағы 4 айлық қайта таярлаў оқыў курсларында 162, 1 айлық кәсиплик шеберлигин арттырыў оқыў курсларында 457 тыңлаўшы ҳәм орынларда өткерилген оқыў-семинарларда жәми 25 мың 241 тыңлаўшы – басланғыш шөлкем жетекшилери билим алған, – дейди институттың оқыў бөлиминиң баслығы Сарвар Саидов. – Сондай-ақ, жас кадрлардың кәсиплик раўажланыўына байланыслы 15 оқыў-методикалық қолланба таярланып, басып шығарылды. 2018-жылы социология, психология, сиясаттаныў ҳәм экономика бағдарларында таяныш докторантура шөлкемлестирилип, оған 18 изертлеўши қабыл етилген.
Илажда сырт ел тәжирийбесин үйрениў, тәжирийбе алмасыў мақсетинде Россия, Түркия, Қытай сыяқлы мәмлекетлердеги абырайлы жоқары оқыў орынлары менен орнатылған бирге ислесиў ҳәм келешекте әмелге асырылыўы күтилип атырған академиялық алмасыў бойынша да пикир алысылды.
Г.БОБОЕВА, ӨзА