Қазақстанның Атыраў ўәлаятында жайласқан Макат районында күтилмегенде көл пайда болды. Бул гидрогеологлардың районның жер асты қатламларында нефть ҳәм газден тысқары таза суў резерви бар деген болжаўды тастыйықлайды, деп хабар берди KNews.kg. Бул ҳаққында «Дарё» хабар бермекте.

Қәнигелердиң пикиринше, пайда болғанына бирнеше күн болған көлде бес мың метр куб суў топланған. Суў бассейнине жабайы үйрек ҳәм ғаз сыяқлы қуслар ушып келмекте.

– Суў қай жерден келип шығып атырғанын анықлаў керек. Бул, қараўсыз қалған гидрологиялық қудық ямаса булақ болыўы мүмкин. Экологлар суўдың қурамын анықлаўы керек. Суў таза болғаны менен, оның химиялық қурамы намәлим. Қурамында неше процент дуз бар, аўыр ямаса басқа металлар жоқ па? – дейди Урал-Каспий бассейнлери инспекциясы қәнигеси Л.Калмаганберов.

Суў асты дәрегиниң пайда болыўы ўәлаяттың усы район халқы ҳәм оған жақын аймақлардың раўажланыўына, орайлық суў тәмийнаты системасына ийе болмаған 21 посёлканың шарўашылық ҳәм дийқаншылық пенен кең түрде шуғылланыўына имканият жаратады. Барлық аймақ ушын ҳәр күни 20 мың метр куб суў керек болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.