Kun.uz сайты Телеграмдағы каналында оператив сораў-жуўап өткерди. Сораў онлайн тәризде өткерилгени ушын жыныс, жас ҳәм басқа факторлар есапқа алынбады.

Өзбекстанлылардан мәмлекеттеги ең тийкарғы монополистти көрсетип бериў соралды. Илажда 4 446 адам өз пикирлерин билдирди. Олардың 66% иниң пикиринше, GM Uzbekistan ең тийкарғы монополист болып табылады. 8% респондентлер «Өзбекстан ҳаўа жоллары», 5% «Өзтрансгаз», 5% «Өзбектелеком», 5% «Өзбекнефтгаз», 4% «Өзбекстан темир жоллары» ҳәм 3% «Өзбекэнерго» екенлигин көрсеткен болса, қалған 4% даўыс бергенлердиң пикирине қарағанда, басқа шөлкемлер баслы монополист болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги