Усы жылдың 4-июнь күни Ташкент қалалық ИИББ жанындағы Тергеў басқармасынан келип түскен ҳүжжетлерге қарағанда, Ташкент қаласы Чилонзор районында жасайтуғын 47 жаслы «Қорақалпоғистон доривор ўсимликлар» ЖШЖ басшысы Р.Д. «Tehg-rash» ЖШЖ басшысы Л.Ц.ның пулларын конвертациялап бериўин айтып, алдаў жолы менен оннан 1 миллиард 80 миллион сум алған.

Ол өз ўәдесин орынламастан, пулларын өзлестирип жиберген. Көрилген шаралар нәтийжесинде Р.Д. қолға алынған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.