Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-май күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Ишки ислер министрлери кеңесиниң усы күнлерде Ташкент қаласында өтип атырған илажларда қатнасып атырған ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң ишки ислер министрликлери ҳәм уйымларының басшыларын қабыл етти.

Президентимиз Әзербайжан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан ҳәм Түркменстан делегацияларының басшыларын қызғын қутлықлап, Дослық аўқамы мәмлекетлери ҳуқықты қорғаў уйымлары арасындағы еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў байланыслары барған сайын беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

2.jpg

Бүгинги күнде ҒМДА Ишки ислер министрлери кеңеси нәтийжели бирге ислесиў, алдынғы тәжирийбе ҳәм билим алмасыў, сондай-ақ, терроризм, экстремизм, наркотрафик, шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиўдеги ҳәрекетлерди жақыннан муўапықластырыў ушын әҳмийетли механизм екени атап өтилди.

Дослық аўқамы аймағында жынаятлардың саны соңғы бес жылда 25 проценттен асламға қысқарғаны Кеңес жумысының нәтийжелилигинен дәрек береди.

3.jpg

Буннан тысқары, тек ғана  өткен жылда қоспа операциялар шеңберинде нәшебентлик қуралларының нызамсыз айланысы менен шуғылланған 892 шахстың ҳәрекетине шек қойылды ҳәм 84 жынаятшы усланды.

Ушырасыўда ҒМДАға ағза мәмлекетлер ишки ислер уйымларының бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, нәтийжели уйымлараралық бирге ислесиўди жолға қойыў, қоспа илажлар өткериў, кадрларды таярлаў бойынша бағдарламаларды әмелге асырыў перспективалары көрип шығылды.

Сондай-ақ, регионаллық қәўипсизликтиң әҳмийетли мәселелери, атап айтқанда, Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен шешиў ҳәм трансмиллий жынаятшылыққа қарсы гүресиўде шерикликти беккемлеў бойынша пикир алысылды.

Делегациялардың басшылары Президентимизге жақсы миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, өз мәмлекетлери басшыларының сәлемин жеткерди.

Мәмлекетимиздиң ҳуқықты қорғаў системасында ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў ҳәм профилактика етиў бойынша нәтийжели системаны қәлиплестириў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги жоқары баҳаланды.

4.jpg

Дослық аўқамы мәмлекетлери ҳуқықты қорғаў структуралары өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде ҳәрекетлерди бирлестириў мақсетинде жедел бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға таяр екени айрықша атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы ҒМДА Ишки ислер министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилиси табыслы өтиўин тиледи.

 

ӨзА