Термиз қаласында 6-апрель күни Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Дүнья цивилизациясы бесиклеринен бири болған ески Термиз миллий руўхта байрамға сай безелген. Тек ғана елимизде емес, ал пүткил дүньяда биринши мәрте өткерилип атырған Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына пуқта таярлық көрилгени Өзбекстанның қубладағы гәўҳары болған ески ҳәм нәўқыран бул қалаға өзгеше сулыўлық ҳәм тартымлылық бағышлаған.

Сулыў бағлар, қыябанлар, көше ҳәм майданларда әййемде қәлиплесип, әсирлер даўамында жетилискен миллий қәдирият ҳәм үрп-әдетлеримиз, бақсыларымыздың тулғалары сәўлеленген паннолар орнатылған. Дүньяның ҳәр қыйлы регионларынан келген мийманлардың жүзиндеги қуўаныш ҳәм шын кеўилден қатнас Сурхандәрья үлкесинде миллий өзлигимизди кеңнен көрсететуғын, дүнья халықларын әййемги қәдириятларды қәдирлеўге шақыратуғын, бирден-бир мақсет, бирден-бир идеяға бирлестиретуғын уллы байрам басланып атырғанынан дәрек береди.

Әсирлер даўамында турмыстың ҳәр қыйлы сынақларынан өткен бул әййемги журттың раўажланыў жолларына гүўа болып киятырған Әмиўдәрья бойына кеш түсти. Саўлатлы Көркем өнер сарайы аймағындағы 32 гектарлық майданда Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардың өтмиштеги турмыс тәризи және бүгинги абат ҳәм пәраўан турмысы өз көринисин тапқан этнографиялық қалаша жаратылған.

Қалашадағы ықшам саҳналарда театрластырылған тамашалар, фольклор- этнографиялық жәмәәтлердиң шығыўлары көрсетилмекте. Сырт елли туристлер өнерментлердиң көргизбе-ярмаркаларында әййемги сузана ҳәм липаслар, гилемлер, миллий саз әсбаплары, ылайдан исленген буйымлардың үлгилери менен танысыў, елимиздиң туризм потенциалына бағышланған мийман үйлеринде шаңарақлық мәресимлерди көриў имканиятына ийе болады.

Президентимиздиң 2018-жыл 1-ноябрьдеги «Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын өткериў ҳаққында»ғы қарары ҳәм усы көркем өнер әнжуманын Термиз қаласында өткериў бойынша басламасынан кейин ўәлаяттың орайында қысқа ўақытта үлкен жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, 80 миллиард сумнан аслам қаржы есабынан Термиз аэропортының жаңа имараты қурылды. Термиз темир жол вокзалы түп-тийкарынан оңланып мийманларға қолайлы шараят жаратылды.

Еки жылда бир мәрте шөлкемлестирилетуғын фестивальдың тийкарғы илажлары өтетуғын Көркем өнер сарайы аймағында заманагөй жыйналмалы сахна жаратылып, кең майданға халқымыздың уллы руўхый естелиги – «Алпамыс» дәстаны ҳүрметине естелик орнатылды.

Саат 18.40. Термиз, саўлатлы Көркем өнер сарайы майданы.

Шырайлы амфитеатр әтирапында қатнасыўшы мәмлекетлердиң байрақлары желбирейди. Сахна артында өзине тән декорацияда бой тиклеген Куҳитанг таўлары бизди қыялымызда Алпамыс заманына жетелейди.

Әнжуман қатнасыўшылары ҳәм тамашагөйлер Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти қол шапатлаўлар менен күтип алды.

Сөз Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа берилди.

Мәмлекетимиз басшысы фольклорлық көркем өнер, атап өтиў зәрүр болса, инсанияттың уллы ҳәм бийбаҳа байлығы екенин, мине усындай бийбаҳа көркем өнер ҳәзирги ўақытта тек ғана мәдений естелик үлгисине айланып, көпшилик жерлерде умытылып баратырғанын, оны қорғаў бүгинги әўладлар ушын ҳәм парыз ҳәм қарыз екенин атап өтти.

Сахнада сыбызғы ҳаўазы жаңлайды. Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалының ашылыўына бағышланған театрластырылған концерт бағдарламасы басланды.

Концерт бағдарламасы избе-из раўажланып баратуғын композиция, үш тийкарғы буўыннан ибарат өзине тән бир пүтин дәстан тийкарында қурылған. Рәңбәрең бақсышылық көркем өнери, классикалық мақамлар ҳәм заманагөй сазлар үйлескен намалар, халық дәстанларынан үзиндилер, нәзик термелер жаңлады. «Алпамыс» дәстаны ўақыялары сүўретленген театрластырылған тамашалар көрсетилди.

– Президентимиздиң идеясы тийкарында Алпамыс ҳәм Баршынайлар журтында өткерилип атырған халықаралық фестиваль өтмиште де  мәденият, көркем өнер ҳәм илим жоқары дәрежеде раўажланған Өзбекстанды дүньяға танытыўда жаңа бет ашып атырғаны биз, бақсыларға өзгеше илҳам-йош бағышлайды, – дейди Өзбекстан халық бақсысы Абдуназар Поёнов. – Мың жыллардан берли жасап киятырған бийбаҳа көркем өнеримизди ҳәзирги глобалласыў дәўиринде өз ҳалында сақлап, келешек әўладларға минсиз жеткериўге айрықша итибар қаратып атырған мәмлекетимизден шексиз миннетдармыз. Билесиз бе, бақсышылықтың ең абырайлы ҳәм жуўапкершиликли тәрепи сонда, бир дәстанды бастан ақырына шекем жырлаўға оның көлемине қарай, бир күннен бес күнге шекем ўақыт керек болады. Мен өзим сүйип жырлайтуғын «Алпамыс» дәстанын үш күн, үш түнде  толық айтып бере аламан. Бул фестивальда биз дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен келген әне усындай шешен жыраў, ақын, манасшы, толшы, узан ҳәм басқа да бақсылар менен беллесемиз.

Фольклортаныўшылардың пикиринше, елимизде әййемнен үш бағдарда  дәстаншылық мектеби раўажланған. Булунғур, Нарпай, Нурата, Қорған, Шаҳрисабз, Қамай, Шерабад мектеплери биринши бағдарға, Хорезм дәстаншылық мектеби екинши бағдарға тийисли болып табылады. Үшинши бағдар Ферғана алабында кеңнен тарқалған. Бул көркем өнердиң өзине тән тәрепи сонда, биринши бағдарда бақсылар дәстанларды домбыра менен тамақтан шығатуғын ҳаўазда, Хорезм ҳәм Ферғана бағдарларында тар, дуўтар ҳәм басқа да саз әсбаплары менен ашық ҳаўазда жырлап келген.

Нәзик миллий руўхый байлығымызды терең үгит-нәсиятлап атырған бақсы-шайырлардың хызметин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде «Өзбекстан халық бақсысы» атағы шөлкемлестирилди. Өткен жылларда елимизде 28 бақсы-шайыр «Өзбекстан халық бақсысы» атағы менен сыйлықланды. Олардың тоғызы сурхандәрьялы екени, бир жас бақсы «Ниҳол» сыйлығы лауреаты болғаны да тараў пидайыларына қаратылып атырған итибардың айқын көриниси болып табылады.

– Қарақалпақстанда жыраўшылық ҳәм бақсышылық еки бағдарда раўажланған, – дейди Қарақалпақстан Республикасы халық жыраўы Бақберген Сырымбетов. – Жыраўлар қаҳарманлық, батырлықты ҳәўижли перделерде жырласа, бақсыларымыз ышқы-муҳаббат ҳаққында дәстанлар айтқан. Еки мектепте де жәҳән эпикалық мийрасының бийбаҳа ғәзийнесин байытқан нәзик дәстанлар жаратылған. Бүгинги күнде ҳәр еки бағдар бойынша бақсы-жыраўларымыз «устаз-шәкирт» дәстүрлерин даўам еттирмекте. Бул фестиваль қарақалпақ бақсы-жыраўларының ҳаўазларын дүньяға таратыўда үлкен имканият жаратпақта.

Кейинги жылларда бақсышылық көркем өнерин жаңа басқышта раўажландырыўға қаратылып атырған итибар өз нәтийжесин бермекте. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен өткен жылы Термиз қаласында шөлкемлестирилген Бақсылар мектеби ҳәм районлардағы музыка ҳәм көркем өнер мектеплери жанында жумыс алып барып атырған бақсылар классларында 100 ден аслам қәбилетли жас билим алып атырғаны буған айқын мысал. Бул билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған жаслардың ўәлаятта өткерилип атырған таңлаў ҳәм фестивальларға белсене қатнасып, өз қәбилетип көрсетип атырғаны кексе әўлад ўәкиллеринде мақтаныш сезимин арттырмақта. Халық аўызеки дөретиўшилигине жас әўладтың бундай умтылысы сырт елли мийманларда да үлкен қызығыўшылық оятып атырғаны тегин емес.

– Мен дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлерине барып, түрк бақсышылығы үлгилерин атқараман. Өзбекстанға биринши келиўим. Дүньяның еле бирде-бир мәмлекетинде бақсыларға буншелли үлкен итибар қаратылғанын көрмегенмен, – дейди түркиялы бақсы (узан) Зеки Эрдали. – Термиз Бақсылар мектеби ҳаққында еситтим. Ол жерде оқыўшыларға халық бақсылары сабақ береди екен. Бул ҳаўаз ҳәўес етиўге арзыйды. Елиңизде бақсышылықты келешек әўладқа жеткериў жолында қойылған тырнақ басқа халықларға үлги болып хызмет етеди.

Термиз қаласында биринши мәрте өткерилип атырған Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы 74 мәмлекеттен 160 тан аслам қатнасыўшыны Алпамыс журтына шақырғаны тегин емес. Фестивальда ЮНЕСКО, Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша структурасы – ISESCO сыяқлы халықаралық шөлкемлер, сондай-ақ, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан, Аўғанстан сыяқлы мәмлекетлерден ҳүрметли мийманлар қатнасып атырғаны оның жоқары статусынан ҳәм абырайынан дәрек береди.

Фестиваль шеңберинде Термиз қаласында сырт елли ҳәм жергиликли илимпазлардың қатнасыўында «Бақсышылық көркем өнериниң жәҳән цивилизацясында тутқан орны» темасында илимий-әмелий әнжуман болып өтти. Онда АҚШ, Германия, Франция, Россия, Қытай, Япония, Корея ҳәм Түркия сыяқлы мәмлекетлерден келген илимпазлар өз баянатлары менен қатнасты.

Мийманлар илаж күнлери ески үлкениң бийбаҳа археологиялық естеликлери, дыққатқа сазаўар орынлары менен жақыннан танысады. Дүньяға белгили Ҳәким ат-Термизий, Султан Саодат, Иса Термизий комплекслери, Фаёзтепа, Кампиртепа сыяқлы муқәддес орынларды зыяратлайды. Орынларда сейиллер, халық аўызеки дөретпелерине бағышланған сахналастырылған бағдарламалар көрсетиледи.

Халықаралық фестиваль шеңберинде өткерилетуғын таңлаўға 9 жастан 90 жасқа шекемги бақсы-атқарыўшылар қатнасады. Қатнасыўшылар атқаратуғын дәстанлардан үзиндилер, жыр, нама ҳәм термелер халықаралық төрешилер тәрепинен халық аўызеки дөретпесиниң тийкарғы миллий өзгешеликлери, көркем-эстетикалық тәреплери, атқарыў шеберлиги, сахна мәденияты ҳәм басқа да өлшемлер бойынша баҳаланып барылады. Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери арнаўлы диплом, статуэтка ҳәм ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

…Сахнада классикалық нама қосықлар жаңлайды. Домбыра, шыңқобыз, қобыз, тар сыяқлы сазлар менен бирге дәстанлар атқарылды. Бақсы-жыраўлардың ширели ҳаўазы илаж қатнасыўшыларына өзгеше заўық бағышлады.

10-апрельге шекем даўам ететуғын көркем өнер әнжуманы бақсышылық ҳәм дәстаншылық көркем өнериниң әййемги үлгилерин қәстерлеп сақлаў ҳәм келешек әўладқа минсиз жеткериўге хызмет етеди. Мәмлекетимиздиң туризм потенциалын буннан былай да арттырып, сулыў, тартымлы ҳәм тарийхый-архитектуралық естеликлерге бай елимиздиң келбетин дүньяға кеңнен көрсетиўде әҳмийетли фактор болады. Жаслардың қәлбинде бийбаҳа мийрасымызға ҳүрметти күшейтиў, халықлар арасында дослық ҳәм татыўлық байланысларын беккемлеў, дөретиўшилик бирге ислесиў, мәдений-руўхый қатнасықлар шеңберин халықаралық көлемде кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе болады.

Мәмлекетимиз басшысы бул абырайлы әнжуман алдынан қурып питкерилген Термиз халықаралық аэропортының жаңа терминалы менен танысты.

Кең ҳәм бийик етип қурылған заманагөй техникалар менен үскенеленген бул терминал саатына 400 жолаўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе. Бажыхана қадағалаўы, авиация қәўипсизлиги, жүк алыў орынларында оперативликти тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған. Күтиў заллары, C8P зоналар  ана ҳәм бала бөлмелери, намаз оқыў, медициналық пункт ҳәм басқа да бөлимлерде жолаўшылардың барлық зәрүрликлери есапқа алынған. Duty Free дүканлары, бийпул Wi-Fi хызмети, сырт елли туристлер ушын виза алыў секторы шөлкемлестирилген.

Президентимиз терминалда жаратылған шараятларды мақуллап, енди буннан нәтийжели пайдаланыў, халықаралық рейслердиң ҳәм сырт ел туристлериниң ағымын көбейтиў, хызмет көрсетиў сапасына айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти. Жаңа ушыў-қоныў жолларын қурыў жойбары бойынша көрсетпелер берди.

Президентимиз Сурхандәрья ўәлаятына сапары шеңберинде Султан Саодат комплексин зыяратлады. Өткенлердиң руўхына Қуран оқылды.

Сурхандәрья бай мәденият ҳәм ағартыўшылық ошағы сыпатында танылған. Үлкеде көплеген уллы данышпанлар, уламалар ҳәм илимпазлар мәңги жерленген Термиз қаласының Арқа Шығыс бөлегинде Султан Саодат (Саййидлар султаны) атамасы менен белгили архитектуралық естелик комплекси бар. XI-XVII әсирлерде бой тиклеген комплекс 20 ға шамалас мақбарадан ибарат. Пештақ ҳәм гүмбезли кесилискен ханалы саўлатлы имаратлар өз дәўиринде жоқары талғам менен безелген.

Дәреклерде атап өтилиўинше, сулыў ҳәм тартымлы бул жерлерде пайғамбарымыз Муҳаммедтиң (с.а.ў) қызы Фатима анамыздың бесинши әўлад ақлығы Ҳасан ал-Әмир жерленген. Ол уллы инсан Термиз саййидлериниң султаны болған.

Қәнигелердиң пикиринше, Ҳасан ал-Әмир өзиниң жақынлары менен Самарқандқа көшип келген. Бул жерде он бир жыл жасап Балхқа көшеди. Шама менен 865-жылы Термизге келип жасап қалған. Өлгеннен соң, усы жерге жерленген. Әсирлер даўамында бул уллы инсанның әўладлары ушын да бул жерде саўлатлы мақбаралар қурылған. Енди архитектуралық естелик елимиз ҳәм сырт елли туристлер көп келетуғын орынлардан бирине айланған. Олар Пайғамбарымыз әўладларының қәбирин зыярат етип, руўхый күш алады. Ата-бабаларымыз тәрепинен ҳәр қыйлы дөретпелерде жаратылған аркалар, сулыў нағыс ҳәм толқынлы ганч безеклери тийкарында жоқары талғам менен исленген нәзик архитектуралық көркем өнерден хабардар болады.

Тарийхтын гүўалық бериўинше, IX әсирде елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан Термиз саййидлериниң шаңарағы қәлиплескен. Орайлық Азия саййидлериниң көпшилиги өзи келип шығыў тарийхын усы шаңарақ пенен байланыстыратуғыны тегин емес. Китапларда мәмлекетлик басқарыўда, соның ишинде, Саҳыпқыран Әмир Темур салтанатының раўажланыўында Термиз саййидлериниң айрықша хызмети бар екени атап өтилген. Саҳыпқыран Ҳиндстанға атланысы ўақтында ҳәмийше Термиз саййидлериниң шаңарағында тоқтап мийман болғаны атап өтилген. Және бир дәректе Әмир Темур Термиз саййидлерине  айрықша ҳүрмет белгиси сыпатында Султан Саодат комплексиниң бир бөлеги есапланған ибадатхана қурдырғаны, бирақ бийбаҳа имарат бизиң дәўиримизге шекем сақлап қалмағаны жазылған.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерди және де абат етиў, Имам Бухарий, Зангиата сыяқлы зыяратшылар көп баратуғын орынға айландырыў, илимий жақтан үйрениў бойынша көрсетпе берди.

Шавкат Мирзиёев Ҳәким ат-Термизий мақбарасын да зыярат етти. Елимизге тынышлық, қут-берекет тилеп дуўа етти.

Бай тарийхымызды, мәдениятымызды, атап айтқанда, архитектуралық көркем өнеримизди өзинде жәмлеген бул мақбаралар, көтериңки руўхта өтип атырған бақсышылық фестивалы елимиздиң абырайын әсирлер даўамында және де арттырыўға хызмет етеди.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары