Елимизге Россия Федерациясы Мәмлекетлик Думасы Федераллық Кеңесиниң ҒМДА, Евразия интеграциясы, ўатанласлар менен байланыслар мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Леонид Калашников басшылығындағы делегация келди.

 Сапар шеңберинде 4-апрель күни Россия парламентиниң ўәкиллери Олий Мажлис Нызамшылық палатасының спикери Нурдинжон Исмоилов пенен ушырасты.

Сөйлесиў шеңберинде мийманлар мәмлекетимизде нызамшылық тараўында алып барылып атырған реформалар, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жумысындағы жаңалықлар менен таныстырылды.

Өз гезегинде Россия Федерациясы Мәмлекетлик Думасы Федераллық Кеңесиниң ҒМДА, Евразия интеграциясы, ўатанласлар менен байланыслар мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Леонид Калашников Олий Мажлис Нызамшылық палатасы спикери Нурдинжон Исмоиловқа шын жүректен пикирлескени ушын миннетдаршылық билдирип, елимизде сиясий, ҳуқықый, нызам дөретиўшилиги тараўында болып атырған өзгерислерге унамлы баҳа берди.

 – Бүгинги күнде Россия – Өзбекстан қатнасықлары түрли тараўлар бойынша избе-из раўажланбақта, – деди Л.Калашников. – Президент Шавкат Мирзиёев алып барып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясат бул процесске күшли тәсир көрсетип, әсиресе, парламентлераралық байланысларымыз, сиясий сөйлесиўлеримиз дәстүрий түс алмақта.

Ушырасыў ўақтында тәреплер парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, нызам дөретиўшилиги тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыўды кеңнен жолға қойыў сыяқлы мәселелер бойынша пикир алысты.

 Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы