Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен ҳәптениң ҳәр шемби күни саламат турмыс қәлпин үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў бағдарында ҳәр қыйлы ғалабалық илажлар өткерилип келинбекте. «Туран» стадионында өткерилген «Велосипедте саяхат» марафоны усындай илажлар қатарына киреди.
Ғалабалық илажлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 18-декабрьдеги «Жуқпалы болмаған кеселликлердиң профилактикасын, саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың физикалық белсендилиги дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.
Бунда, әлбетте, шаңарақлық поликлиникалар, мәкан пуқаралар жыйынлары менен келисилген ҳалда илажға үй бийкелери, жасы үлкенлер қамтып алынды. Әҳмийетлиси, қатнасыўшылардың саны шекленбеген, илажға ғалаба қатнасыў қоллап-қуўатланады.
Илаж қатнасыўшылары стадионды қәлегенинше айланып, баста велосипед әстен басқарылған ҳалда еки айлана басып өтилди.
– Пайтахтымыздағы 8–санлы шаңарақ поликлиникасында қараўыл болып ислеймен. Алты жылдан берли велосипедте жумысқа, керекли мәнзиллериме қатнайман, -дейди марафон қатнасыўшысы Абыл Машарипов. – Шыпакерлер астеохондроз диагнозын қойғаннан соң ең жақсы даўасы велосипед басқарыў екенлиги ҳаққында еситип, велосипед сатып алдым. Педальларды айландырыўдағы ритмли ҳәрекетлер төстиң, балтыр ҳәм омыртқа сүйегиниң беккемлениўине хызмет етеди екен. 53 жасқа шықсам да велосипедтен түспекши емеспен, себеби, оны айдаў арқалы бүгинги күнде жағдайым жақсыланбақта.
«Велосипедте саяхат» илажына 40 жастан 65 жасқа шекемги 60 тан аслам жасы үлкенлер қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.