Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры Байрам Отемуратов өзи оқыған Қараөзек районындағы 18-санлы улыўма билим бериў мектеби китапханасына, сондай-ақ, оқыўшыларына 100 ден аслам көркем ҳәм илимий әдебиятлардан ибарат китапларды, соның менен бирге, спорт инвентарьларын саўға етти.

Ушырасыўда институт ректоры оқыўшылар менен китап оқыўдың әҳмийети ҳәм китапқумарлық бойынша сәўбетлести. Соның менен бирге, өзи жақсы көрип оқыйтуғын қарақалпақ, өзбек ҳәм сырт ел әдебиятының ең баҳалы китапларын оқыўды усыныс етти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 19-март күни жаслар мәселелерине бағышланған видеоселектор жыйналысында атап өткениндей, ҳәр қандай басшы лаўазымда жумыс ислеп атырған адамлар ямаса жәмийет алдынғылары болған белсенди инсанлар өзлери оқып билим алған мектеплер ҳәм оқыў орынларына китаплар саўға етиўи үлгили жумыслардың бири болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.