27-29-март күнлери Қазақстан Республикасы пайтахты – Нур-Султан қаласына Өзбекстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Аўғанстаннан келген журналистлер ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.
Усы илаж мүнәсибети менен шөлкемлестирилген ушырасыўда Қазақстан Республикасы сыртқы ислер министри Бейбут Атамкулов ҳәм басқалар кейинги жылларда Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы қатнасықлар сезилерли дәрежеде жеделлескенин айрықша атап өтти. Мәселен, Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы товар айланысы 3 миллиард АҚШ долларынан артты, өз-ара инвестициялар көлеми көбейди, көплеген қоспа жойбарлар ислеп шығылмақта, мәмлекетлик шегаралар ашылды. Еле иске қосылмаған потенциалдан пайдаланған ҳалда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да арттырыў ҳәм сол арқалы регионның дүнья жәмийетшилигиндеги орнын беккемлеў керек екенлиги атап өтилди.
Пресс-турдың басланыўында журналистлер қазақ халқының ески тарийхый өтмиши, бүгинги күни ҳәм ийгиликли умтылысларын сәўлелендиретуғын «Астана-Байтерек» монументине барды. 97 метрлик саўлатлы имараттан Президенттиң резинденциясы, Тынышлық ҳәм татыўлық сарайы, Ғәрезсизлик сарайы, Нур-Астана мешити, турақ жай комплекслери ҳәм басқа да объектлер айқын көзге тасланады.
Журналистлер Нур-Султанға сапары ўақтында бир қатар компания ўәкиллери менен ушырасты. «KazakhExport» экспорт қамсызландырыў компаниясы» АЖ, «Астана» халықаралық қаржы орайы,«Astana Hub» IT-стартаплары халықаралық технопарки усылардың қатарына киреди. Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген ушырасыўларда басшылар тәрепинен компаниялардың жумысына байланыслы мағлыўматлар усынылды, жаңа имканиятлар көрсетилди. Мәселен, «Astana Hub» технопаркинде журналистлер заманагөй қолайлы коворкинг-орайлар, баянат заллары, прототиплеў лабораториясы, 50 орынға мөлшерленген Event Hall, медиастудиясы, бизнес-галереясы менен танысты, IT-программаларын ислеп шығарыўшылар менен сәўбетлести. «Astana Hub» бас директоры Адилет Нургожин Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында мәлимлеме технологиялары тараўында бирге ислесиў байланыслары избе-из раўажланып атырғанын атап өтти. Өткен жылы Ташкенттеги Инҳа университетинде болып өткен Өзбекстан-Қазақстан IT-форумы да еки мәмлекеттиң исбилермен топары ўәкиллериниң бизнес-форумлары ўақтында қол қойылған бирге ислесиў меморандумлары буның айқын дәлийли болып есапланады.
Сондай-ақ, «НК» «Қазақстан Ғарыш Сапары» акционерлик жәмийетинде «Космослық аппаратларды жыйнаў-сынаўдан өткериў комплексин шөлкемлестириў» жойбарының презентациясы болып өтти. Онда компанияның Миллий космослық орайын қурыў ҳәм эксплуатациялаў мәселелери бойынша басқарма баслығының орынбасары Рашид Абдураззаков космослық спутник жаратыў ҳаққында толық айтып берди, қолланылып атырған заманагөй үскенелер көрсетилди. Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасында космослық тараўда өз-ара бирге ислесиў хаққында меморандумға қол қойылғаны атап өтилди, Өзбекстанның аймақларын космослық мониторинг етиў, атап айтқанда, Сурхандәрья ўәлаятының космослық сүўретлерин таярлаў ҳәм елимиздиң космослық спутнигин жаратыў жойбарлары ҳаққында айтып берилди. Булардың ҳәммесине мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жылы 12-апрельдеги Өзбекстан Республикасы космослық изертлеўлер ҳәм технологияларды раўажландырыў илажлары ҳаққындағы қарарына тийкарланып бул бағдардағы әмелий илажлар өз нәтийжесине ерисилди.
Журналистлерди жергиликли телеканаллардың жумысы менен таныстырыў мақсетинде Қазақстан медиа орайы – Қазақстан Орайлық коммуникациялар хызметине экскурсия шөлкемлестирилди. Бул жерде олар кино-концерт залы, виртуал студия, «Хабар» ҳәм «Хабар 24» телеканалларының жаңалықлар студиясы, монтаж ҳәм режиссёрлик ханаларын көрди.
– «Хабар 24» мәлимлеме телеканалы студиясы пүткиллей роботластырылған, – дейди Қазақстан медиа орайының Старатегиялық раўажланыў департаменти жойбарларының менеджери Асил Тургаев. – Бул жерде жайласқан төрт камера рельслер бойлап ҳәрекетленеди, олардың ҳәр бири өз траекториясы ҳәм оларға тапсырылған бағдарлама бойынша ҳәрекетленеди. Сәўлелендириў системасы да роботластырылған: ол автомат тәризде басқарылады. Бул студияда жаңалықлар, интервью сүўретке алынады, жумыс ўақтында бул жерде тек ғана баслаўшы ҳәм сурдодилмаш болады.
Қазақстанның өндирислик ҳәм илимий-техникалық потенциалы менен танысыў мақсетинде журналистлер «ЦЕСНА-АСТЫҚ» концерниниң макарон ислеп шығарыў цехы, «ЭКСПО-2017» аймағындағы «Нур Әлем» Қазақстан павильоны ҳәм басқа да объектлерге барды.
Орайлық Азияның ҒХҚ ўәкиллери қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды ҳәм өз жумысларында мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў бойынша тәжирийбе алмасты.
М.АНИСИМОВА,
ӨзАның хабаршысы