1829-жылы. Англиялы Жеймс Каррингтон кофе майдалағыш үскенесин ойлап тапқаны ушын патент алды.

1879-жылы. София – Болгарияның пайтахт қаласы, деп жәрияланды.

1967-жылы.  Белгили «Кавказ тутқыны ямаса Шуриктиң басынан кеширгенлери» кинофильминың премьерасы болып өтти.

1987-жылы. Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми имаратында шегиў қадаған етилди.

2004-жылы. Аралбойы генофондын қорғаў қайырқомлық қоры шөлкемлестирилди.

2017-жылы. Россиядағы Петербург метрополитенинде әмелге асырылған теракт ақыбетинде 16 адам қайтыс болды.

Бул сәнеде дүнья жәмийетшилигинде «Халықаралық бәзимлер күни» (World Party Day) кеңнен белгиленеди. Қуўнақ характерге ийе болған бул байрам әҳмийетли мақсетлерде тарийхта қалған. Бул күни жаслардың қатнасыўында «Урысқа карсымыз» сүрени астында түрли көргезбелер, сейиллер ҳәм үгит-нәсиятлаў илажлары өткериледи. 1996-жылы АҚШта бул байрамның дәслепки салтанатлары белгиленген.

Зуҳра Мирзабоева, ӨзА