Усы жыл 28-март ҳәм 3-апрель күнлери аралығында Ташкент ўәлаяты Шыршық  қаласындағы Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети манежинде спорттың аўыр атлетика түри бойынша үлкен жастағылар арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилмекте. 

 Чемпионаттың дәслепки күнинде спортшылар дәс көтериўде  өзлериниң әўметин сынақтан өткерген болса, соңын ала олар силтеп көтериў шынығыўында өз-ара беллести. 

Оған Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасып атырған 15 ке шамалас спортшыларымыз табыслы қатнаспақта.

Бул ҳаққында бизге Аўыр атлетика федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Атажан Матякупов мағлыўмат бермекте.

Чемпионатта ер балалар арасында 89 кг салмақта Ғайрат Айтмуратов екинши, ал қызлар арасында 87 кг салмақта Динахан Тажиева биринши, 55 кг салмақта Амангүл Қәллибекова ҳәм  59 кг салмақта Саёра Есбергеновалар үшинши  орынды ийеледи.

Мағлыўмат ушын, Ғ.Айтмуратов 2018-жыл 7-14-июль күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың аўыр атлетика  түри бойынша жаслар арасында өткерилген Жәҳән чемпионатында 77 киллограм салмақта беллесиўге түсип, дәс көтериўде 146 киллограмлық тасты өзине бойсындырып, чемпионаттың қола медалы менен сыйлықланған еди.

Чемпионат 3-апрельге шекем даўам етеди.

Бул ҳаққында толық мағлыўмат берип барамыз.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы