Мәмлекеттиң орайлық сайлаў комиссиясының хабарына бола, сайлаў бюллетенлериниң 22 процентинен зыятырағы есаплап шығылғаннан соң сайлаўшылардың 30 процентинен асламы Владимир Зеленскийге, 16,8 проценти әмелдеги Президент Пётр Порошенкоға даўыс бергени мәлим болды.
Юлия Тимошенко 13,5 проценттен зыят даўыс жыйнаған. Кейинги орынлардағы Юрий Бойко 11,37 процент, Анатолий Гриценко дерлик 7 процент даўыс жыйнаған.
Еслетип өтемиз, халықтың президентликке сайлаўлардағы қатнасы 63,52 процентти қураған.
ӨзА