Усы жыл 22-23-март күнлери аралығында Москваның «Лужники» спорт сарайында спорттың самбо гүреси бойынша жәҳән кубоги жарысы өткерилди.
Оған Өзбекстан сайланды командасы ўәкиллери табыслы қатнасып қайтты.
Жарыстың биринши күнги беллесиўлеринде сайланды команда ўәкиллери 2 алтын, 1 гүмис, 3 қола медалын қолға киргизген болса, жарыстың екинши күнинде 2 алтын, 5 гүмис, 2 қола медалын қолға киргизип, жаўынгерлик самбо бағдарында командалық есапта екинши орынды қолға киргизди.
Усы жәҳән кубогинде пайтахтымыздағы республикалық спорттың жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби тәрбияланыўшысы Икрам Әбдиреймов 52 кг салмақта үшинши орынды ийеледи.
27-март күни Нөкис темир жол вокзалында спортшыны күтип алыў мәресими өткерилди. Оған мектеп жәмәәти, спортшының ата-анасы, устазлары, дослары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
-Дүньяның 21 мәмлекетинен спортшылар қатнасқан Жәҳән кубогинде шәкиртим жақсы нәтийжеге ерисип қайтты, – дейди Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен тренер Сансызбай Юсупов. – Шәкиртим 10 жылдан берли самбо гүреси менен турақлы шуғылланып келмекте. Ол қурамалы шынығыўларды булжытпай орынлайды. Келешекте буннан да жоқары көрсеткишлерди көрсететуғынына исенип қаламыз.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы