Жақында пайтахтымыздағы Нөкис қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп интернатында Өзбекстан футбол ассоциациясы  тәрепинен шөлкемлестирилген спорттың мини- футбол түри бойынша «Келешегимиз үмитлери» атамасында балалар фестивалы өткерилди.

Оған республикамыздағы  улыўма билим бериў мектеплериниң 3-4-класс (9-10 жас аралығындағы балалар)  оқыўшыларынан ибарат жәми, 200 ге шамалас ер ҳәм қыз балалар  қатнасты.

– Бул фестиваль ҳәр жылы республикамыз бойлап көтериңки руўхта өткериледи. Оны Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте өткерип атырмыз, – дейди Өзбекстан футбол ассоциациясы жетекши қәнигеси Қудрат Мадраимов. – Елимизде мини-футболды кеңнен ен жайдырыў мақсетинде ассоциациямыз тәрепинен спортшы жасларымызға көплеген имканиятлар жаратылмақта. Усының нәтийжесинде балалардың спортқа болған қызығыўшылығы жоқары.

Феситваль жуўмағында Нөкис қалаcының спортшы оқыўшылары биринши, Нөкис районы спортшы оқыўшылары екинши,  Тақыятас районының спортшы оқыўшылары үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен  сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы