«Түркистан» көркем өнер сарайында «Ишки ислер уйымларының үлгили таяныш пунктлери» таңлаўының рәсмий ашылыў мәресими басланды.
Өзбекстан Ресаубликасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Н.Йўлдошев илажды кирис сөз бенен ашты.
Сенат баслығы 2018-жылда мәҳәллелерде жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша жәмийетлик институтлар менен бирге алып барылған кең көлемли профилактикалық илажлар нәтийжесинде 2 мың 301 мәҳәлледе бирде-бир жынаят жүз бермегенин атап өтти. Усы жылдың дәслепки еки айында болса 84 процент мәҳәлледе жынаят жүз бериўине жол қойылмаған.
Норгул Абдураимова, Фарҳод Абдурасулов (суўрет),ӨзА