Бәҳәр келиўи менен барлық орынларда елимиздиң миллий байрамларының бири – Наўрыз байрамы кеўилли ҳәм көтериңки руўхта өткерилмекте.

Буннан алдыңғы хабарларда март айының соңғы сәнелеринде Мойнақ районында «NavrUZ» этнофестивалы өткерилетуғынлығы туўралы мағлыўматлар берилген еди. Ҳәзирги ўақытта, усы илажды өткериў ушын таярлық жумыслары қызғын пәт алды.

– Комитет ҳәм оның районлық хызметкерлери де бул таярлық жумысларына белсене қатнаспақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығының орынбасары Мурат Жоллыбеков. – Олар «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасы менен биргеликте 22-марттан берли үш күн даўамында, яғный, байрамға бағышланған усы фестивальды өткериўге таярлық жумыслары басланғанлы берли Мойнақ районының орайлық көшелеринен ҳәм әтирапларынан 50 тоннаға шамалас шығынды алып шықты.

Кеңейтилген тәртипте тазалаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Бул жумысларға кең жәмийетшилик ўәкиллери де белсене қатнаспақта. Оннан аслам техника тартылған.

Ҳәзирги ўақытта халық сейили өткерилетуғын орынларда ҳәм басқа да байрам илажлары шөлкемлестирилетуғын жерлерде тазалаў ҳәм абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.