АҚШ Президенти Дональд Трамп Кәспий теңизи бойынша ҳуқықый статусы жаңадан анықланғаны мүнәсибети менен Түркменстан Батысқа газ экспорт етиў имканиятынан пайдаланатуғынына үмит билдирди.
Бул ҳаққында РИА Новости «Нейтральный Туркменстан» газетасына тийкарланып хабар береди.
Сондай-ақ, АҚШ жетекшиси Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедовқа қутлықлаў жоллаған. Онда «Америка халқы ҳәм исбилермен топарлары Түркменстан менен экономикалық бирге ислесиўди беккемлеўде жаңа бағдарлар излеп атырғаны» атап өтиледи.
«Кәспий теңизи бойынша жаңадан ҳуқықый статусы анықланғаны мүнәсибети менен Түркменстан Батысқа газ экспорт етиўдиң имканиятларынан пайдаланатуғынына үмит етемен» деген Трапм қутлықлаўында.
ӨзА