Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды басшылары Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң делегациясы менен ушырасты.
Жоқарғы суд баслығының орынбасары Холмўмин Ёдгоров мийманларды системада әмелге асырылып атырған жумыслар, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарындағы жаңа имканиятлар, халықаралық бирге ислесиў байланыслары менен таныстырды.
Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң баслығы Йорк Пуделька Өзбекстанда әмелге асырылып атырған суд-ҳуқуқ тараўындағы реформаларға жоқары баҳа берди.
Ушырасыўда өткен дәўир аралығында Германияның халқаралық бирге ислесиў жәмийетиниң «Орайлық Азияда ҳуқуқый мәмлекетшиликке жәрдемлесиў» бағдарламасы жәрдеминде әмелге асырылған илажлардың нәтийжелери шығарылып, келешектеги бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Илажда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийети арасында бирге ислесиў келисимине қол қойылды.
Бул келисим Өзбекстанда судлардың жумысын реформалаў ҳәм жетилистириўдеги әҳмийетли машқалаларды додаланыўға бағышланған халықаралық конференция, дөгерек сәўбетлери ҳәм тренинглер өткериў, алдынғы сырт ел тәжирийбелерин үйрениў мақсетинде раўажланған мәмлекетлерге хызмет сапарларын шөлкемлестириў, суд әмелиятына байланыслы арнаўлы әдебиятларды таярлаў ҳәм басқа да бағдарлардағы өз-ара байланысларды және де раўажландырыўға қаратылған.
ӨзА