Президентимиз Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған реформалар, алып барылып атырған қурылыс жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 2018-жыл 1516-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына келген еди.

 Аймақтың экономикасын раўажландырыў, социаллық шараятларды жақсылаў бойынша системалы илажлар белгиленип, бир қатар перспективалы жойбарларды турмысқа енгизиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

«Ипотека банк» акционерлик коммерциялық ипотека банки Қарақалпақстан Республикасы филиалына да тапсырмалар берилди.

Республикамыз аймағында жасап атырған халық ҳәм коммерциялық банклерде жумыс алып барып атырған кәрханалар бос пул қаржыларын банк мүддетли депозитлерине тартыў арқалы кәрхана ҳәм шөлкемлерге, сондай-ақ, исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде кредитлер ажыратыўға банк өз үлесин қосып келмекте.

Халықтың нақ пулға болған мүтәжлигин тәмийинлеў мақсетинде банк филиалымызда банкомат орнатылды. Нақ пул менен үзликсиз тәмийинлеў жолға қойылды.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик Министрлигиниң 2018-жыл 22-февральдағы қарарына тийкарланып кем тәмийинленген шаңарақларға, исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын қолайлы имканиятлар жаратыў мақсетинде банкке 10 мәҳәлле бириктирилген. 207 пуқараға 3 миллиард 287,5 миллион сум кредит ажыратыў белгиленди. Өткен дәўирде 112 пуқараға жәми 1 миллиард  866 миллион, исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегиндеги 132 қарыйдарға 3 миллиард 198 миллион сум кредитлер ажыратылды.

Қалаларда арзан көп квартиралы турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларына да филиалымыз белгили үлес қоспақта. Соның ишинде, 2018-жыл Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы Х.Абдамбетов көшесинде 305 шаңарақ ийелери өз турақ жайларына ийе болды. 305 пуқараға 22.615,61 миллион сум узақ мүддетли кредит ажыратылды.

Қарақалпақстан Республикасында келеси 3-жылда 1 мың 350 квартирадан ибарат 30 турақ жай қурылыўы белгиленген. Ипотека банк тәрепинен 2018-жыл ушын режелестирилген жәми 450 квартиралы, 10 көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы қаржыландырылды.

Хожели, Қанлыкөл ҳәм Елликқала районларында жәми 218 жаңаланған арзан үлги турақ жай қурылысы ушын басланғыш төлем қаржылары толық қәлиплестирилди ҳәм инжиниринг компаниясының арнаўлы есап бетине аванс тәризинде өткерип берилди.

Президент ҳәм ҳүкимет қарарлары тийкарында «Ипотека-банк» АКИБ тәрепинен сырт ел кредит қаржыларын тартыў арқалы республикада балықшылықты раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Бул бойынша банк тәрепинен хызмет көрсетилетуғын «Qaraqalpaqbaliqsanoat» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы әҳмийетли орын тутпақта

«Ипотека-банк» АКИБ Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен 2018-жылы Қытай мәмлекетлик раўажланыў банки кредит линиясы арқалы Қытайдың «E-LINE CO Ltd» кәрханасы менен импорт шәртнамасы дүзилип, балық ҳәм балық өнимлерин заманагөй қайта ислеў, қақлаў, қадақлаў және  музлатып сақлаў ушын жаңа әсбап-үскенелер ҳәм арнаўлы 5 техника Өзбекстанға алып келинди. Бул үскенелерди орнатыў ушын жаңа цехтың қурылысы даўам етпекте. 2019-жылы қурылыс жумыслары толық жуўмақланып, цех иске түскеннен кейин 15 жаңа жумыс орны жаратылады. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, ислеп шығарылған балық ҳәм балық өнимлери (дузланған, қадақланған филе, музлатылған)н ишки базарға және сырт елге экспорт етиў.

Халыққа хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў мақсетинде филиал тәрепинен 40 дана ISUZU SAZ HC-40 маркалы ҳәм 10 дана SAZ NP 26 маркалы автобуслар сатып алыў ушын кредит қаржылары ажыратылды. Бүгинги күнде бул автобуслар халыққа үлгили хызмет көрсетип атыр.

Бүгинги күнде қарыйдарлардың пластикалық карточкаларына сапалы хызмет көрсетиў менен бирге оларға онлайн системада ислейтуғын пластикалық карталардың абзаллықлары ҳаққында түсиниклер, СМС хабар хызмети, CLICK хызметлерин жағыў ҳәм оннан пайдаланыў бойынша усыныс және көрсетпелер берилмекте.

Буннан тысқары, бюджеттен қаржыландырылып атырған шөлкемлердеги хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерди Ғазнашылық басқармасының UzASBO   бағдарламасы да интернет-банк хызмети арқалы олардың пластикалық карта есап бетлерине кирис етиў системалары ислеп келмекте.

ӨзА