Парламенттиң жоқары палатасының ағзалары «Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳәққындағы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.
Нызам «Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 14-статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын 3 статьядан ибарат.
Ҳүжжетте бир қатар мәмлекетлик уйымлардың, сондай-ақ, Министрлер Кабинети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлери белгиленген.
Сөзге шыққан сенаторлар бул нызамның қабыл етилиўи атмосфераға тасланып атырған зыянлы шығындылардың көлемин азайтыў ҳәм ҳаўаның тазалығын тәмийинлеўге хызмет ететуғынлығын атап өтти. Буннан тысқары, киргизилген өзгерислер қоршаған орталықты, инсан өмирин, саламатлығы ҳәм генофондының қәўипсизлигин сақлаўда зәрүр ҳуқықый тийкар жаратады.
Сондай-ақ, бул ҳужжетке кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен озон қатламына унамсыз тәсир көрсетиўди сапластырыўға байланыслы нормалар киргизилди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
А.Мусаев,ӨзА