Дүньяның ең гөззал ҳәм сийрек ушырасатуғын уллы жабық суў бассейнлеринен бири Арал теңизи дерлик бир әўлад турмысы даўамында пүткиллей жоғалып кетиў алдында.
Бул усы жерде жасайтуғын халықтың турмысын, Аралбойы экосистемалары ҳәм биологиялық ҳәр түрлилиги ушын мисли көрилмеген апатшылық және орнын толтырып болмайтуғын зыянға алып келди.
Өткен жыллар даўамында Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў ушын 250 ден аслам жойбар әмелге асырылды. 2017-2021-жыллары Аралбойы аймағын раўажландырыў Мәмлекетлик бағдарламасы қабыл етилди.
Сондай-ақ, Өзбекстанның Аралбойы аймағында инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик Траст фондын дүзиў басламасын БМШ қоллап-қуўатлады. Нәтийжеде бул фонд 2018-жылы 27-ноябрьде БМШтың Нью-Йорктағы Бас резиденциясында өткерилген жоқары дәрежедеги илажда шын мәнисинде иске түсирилген еди.
Ҳәзирги ўақытта елимизде узақ мүддетли турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын қайта тикленетуғын энергетика, энергия нәтийжелилиги ҳәм углеродлы қаржыландырыў механизмлери тараўында нызамшылық тийкарлары жетилистирилмекте.
Атап айтқанда, 2017-2021-жыллары қайта тикленетуғын энергетиканы буннан былай да раўажландырыў, экономика тармақларында ҳәм социаллық тараўда энергия нәтийжилилигин арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы әмелге асырылмақта. Бул жанармайдын дәстүрий түрлерин қайта тикленетуғын энергия дәреклерине алмастырыў, олардың электр және ыссылық энергиясын ислеп шығарыўдағы үлесин азайтыў есабынан жанармай балансын диверсификациялаўға имканият жаратады.
Бул сөзлер «Өзбекстан Республикасының Климат өзгериўи ҳаққындағы Төртинши Миллий хабарнамасын таярлаў» жойбарына бағышланған илажда айрықша атап өтилди.
Саёра Шоева, ӨзА