Китап авторы жазыўшы Чве Хи Ёнг Кореяның Өзбекстан ҳаққындағы «UzKor Economy»  журналының хабаршысы. Ол 2018-жыл даўамында Өзбекстанға 6 мәрте саяхат еткен.

Саяхатлары даўамында оның Өзбекстанға болған қызығыўшылығы ҳәм муҳаббаты артып барды. Сол себепли Корея китапқумарларына Өзбекстанды кеңнен танытыў мақсетинде усы китапты жазды.

Китаптың пролог бөлиминде Өзбекстанда 2018-жылдың февраль айында жәрияланған визасыз кириў системасы сыяқлы  туризм тараўында жүз берген ең соңғы жаңалықлар ҳәм өзгерислер менен танысасыз.

Биринши бабы Ташкент, Хийўа, Бухара, Самарқанд, Жиззақ, Шаҳрисабз, Ферғана, Термиз сыяқлы Өзбекстанның тийкарғы тарийхый туристлик қалаларындағы итибарға ылайық орынлар менен танысыўға арналған.

Китаптың екинши бабында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қубла Кореяға болған рәсмий мәмлекетлик сапарынан кейинги еки мәмлекет исбилермен топарларының саяхатлары ҳаққында ҳәр тәреплеме гүрриң етеди.

«Чве Хи Ёнг бул китабы арқалы Кореядағы барлық адамлар туўысқан мәмлекет болып қалған Өзбекстанды және де жақсырақ билиўин қәлеймен. Және де көбирек кореялы туристлер Өзбекстанға саяхат етиўи ушын оның туристиклик потенциалын көрсетиў мақсетинде усы китапты жаздым»,дейди китап авторы.

Китап 10 мың нусқада басып шығарылған болып, 464 беттен ибарат.

ӨзА